Акбар Жўраев - үш мәрте жәҳән чемпионы!

    Спорт 11 қазан 2025 827

    Өзбекстанлы аўыр атлетши Акбар Жўраев Норвегияда өтип атырған аўыр атлетика бойынша жәҳән чемпионатында абсолют чемпион болды.

    110 килограммға шекемги салмақ категориясында Жўраев 196 килограммды көтерип, алтын медалды қолға киргизди ҳәм жәҳән рекордын орнатты. Оның жерлеси Руслан Нурудинов 186 кг салмақ пенен төртинши орынды ийеледи.

    Силкип көтериў шынығыўында Жўраев 232 кг, еки шынығыўдың қосындысы бойынша 428 кг нәтийжени көрсетип, исенимли түрде биринши орынды ийеледи ҳәм абсолют жәҳән чемпионы болды.

    Руслан Нурудинов силтеп көтериўде 228 кг, еки гүресте 414 кг салмақ пенен 2 бронза медалды қолға киргизди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates