баннер
3 Apr 2025
04:13

    "Al Imtiaz Investment Group" компаниясы атқарыўшы директоры менен ушырасыў болып өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Кувейтке рәсмий сапары шеңберинде "Al Imtiaz Investment Group" компаниясы басқарма ағзасы ҳәм атқарыўшы директоры Фузи Холид бин Эсса менен ушырасыў болып өтти.

    "Al Imtiaz Investment Group" топары 2005-жылы шөлкемлестирилген болып, активлерди басқарыў, көшпес мүлк, денсаўлықты сақлаў, санаат ҳәм қаржы тараўларына инвестиция киргизиўге қәнигелескен.

    Кувейт компаниясының азық-аўқат жетистириў, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, көшпес мүлк объектлерин қурыў бойынша басламасы қоллап-қуўатланды.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech