Қарарға бола, инженерлик ҳәм IТ тараўында кадрлар таярлаўға қәнигелескен Ал-Хорезмий университети шөлкемлестириледи.
Университеттиң тийкарғы жумыс бағдарлары етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:
- математика, аэрокосмослық технологиялар, инженерлик, IТ ҳәм жасалма интеллект тараўлары ушын заманагөй билим ҳәм маманлыққа ие жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў;
- социаллық-экономикалық тараўлардағы бар талаплардан келип шығып, илимий-изертлеў жумысларын алып барыў, сондай-ақ, сырт еллердеги абырайлы, тән алынған илимий орайлар менен тығыз бирге ислесиў, студентлерди илимий ҳәм инновациялық жумысқа кеңнен тартыў.
- Университетте билимлендириў процеси 2025/2026-оқыў жылынан шөлкемлестириледи ҳәм студентлерди оқытыў мәмлекетлик ҳәм инглис тиллеринде кредит-модул системасы тийкарында алып барылады.
- В.И.Романовский атындағы Математика институтының Үргенш филиалы Университет имаратында шөлкемлестириледи ҳәм ҳәр бир илимий хызметкерге студент бириктириў әмелияты жолға қойылады.
Университетте билимлендириў процеси мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.