"Әлийшер Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы" IV халықаралық симпозиумының қатнасыўшыларына

    Ҳүрметли симпозиум қатнасыўшылары! Ҳүрметли мийманлар! Бәринен бурын, сиз, әзизлерди "Әлийшер Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы" IV халықаралық симпозиумының ашылыўы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

    Әййемги Өзбекстан жеринде, гөззал Зарафшан үлкесинде Шығыс Ояныў дәўириниң жарқын ғайраткери, уллы шайыр ҳәм ойшыл Мир Әлийшер Наўайы аты менен аталатуғын нәўқыран қалада биринши мәрте өткерилип атырған бул форумның дүнья көлеминдеги абырайы барған сайын артып бармақта. Бул ретки әнжуманда Азия, Африка, Европа ҳәм Америка материклери мәмлекетлеринен көплеген белгили илимпаз ҳәм изертлеўшилер қатнасып атырғаны да бул пикирди анық тастыйықлайды.

    Бул әнжуман Наўайы ўәлаятында "Әлийшер Наўайы жылы" деп жәрияланған быйылғы жылда, уллы бабамыздың 584 жыллық туўылған күни кеңнен белгиленип атырған күнлерде өтип атырғаны оның пайызлылығы ҳәм уллылығын және де арттырмақта.

    Қәдирли дослар!

    Жәҳән әдебияты ҳәм ой-пикир тарийхында өшпес из қалдырған Әлийшер Наўайының көп қырлы жәмийетлик-сиясий, дөретиўшилик, илимий-ағартыўшылық жумысы, бай әдебий-көркем мийрасы әсирлер даўамында жоқары адамгершилик, Ўатанға садықлық, әдиллик ҳәм жақсылық тымсалы сыпатында бәрқулла дүнья халқының итибарын тартып келмекте.

    Ҳәзирет Мир Әлийшер Наўайы оғада қыйын шараятта миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық идеяларды бәлент көтерип майданға шыққаны, өзбек әдебий тилине тийкар салып, оның өлмес руўхы, қүдирети ҳәм гөззаллығын ҳәр тәреплеме дәлиллеп бергени ҳақыйқый руўхый мәртлик үлгиси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

    Бул классикалық тулға жәҳән әдебиятының өлшемлерине, заман ҳәм тарийх сынақларына толық жуўап беретуғын дүрдана шығармалар жаратып, тек ғана өзбек емес, ал барлық түркий әдебиятлардың раўажланыўына шексиз үлес қосқаны да жоқары таңланыў ҳәм мақтаўға ылайық болып есапланады.

    Әлийшер Наўайының бийбаҳа дөретиўшилик мийрасы ҳақылы түрде жәҳән әдебияты данышпанларының уллы шығармалары қатарында турыўы бизге шексиз мақтаныш бағышлайды.

    Әсиресе, ойшыл бабамыздың түрли халықлар арасында тынышлық ҳәм дослықты беккемлеў, инсанияттың айдын келешегин биргеликте қурыўға шақыратуғын идея ҳәм көзқарасларының әҳмиети ҳәзирги қәўипли дәўирде барған сайын артып бармақта.

    Бүгинги күнде биз Жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренессансты қурыў процесслеринде Әлийшер Наўайы шығармаларын өзимиз ушын таўсылмас күш-ғайрат ҳәм илҳам дәреги деп билемиз. Соның ушын бул бийбаҳа руўхый байлықты терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бәрқулла итибарымыз орайында болады.

    Пурсаттан пайдаланып, бул бағдарда елимиз илимпазлары менен белсене бирге ислесип киятырған сиз, әзизлерге, барлық илим ғайраткерлерине терең миннетдаршылық билдиремен.

    Бул әнжуманға пуқта таярлық көрген, Әлийшер Наўайының туўылған күнин үлкен қуўаныш ҳәм дөретиўшилик жумыслар менен күтип алып атырған Наўайы қаласы ҳәм ўәлаятының халқына, жуўапкер басшыларға да шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

    Сизлерди және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, илимий ҳәм дөретиўшилик жумысыңызда үлкен жетискенлик ҳәм әўметлер, әнжуман жумысына болса табыслар тилеймен.

    Шавкат Мирзиёев,

    Өзбекстан Республикасы Президенти


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates