Усы мақсетте район ҳәкими Б.Султанов Алтынкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Хожа аўыл” елатлы пунктинде аймақ турғынларының овощ-палыз, картошка ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлерин егиў тәжирийбеси менен танысты.
Аймақта ҳәр бир шаңарақта қыйтақ жерге итибардың жоқарылығы турмыс абаданшылығына тийкар екенин исте көрсете алған шаңарақ ийелерине миннетдаршылық билдирилди.
Илажда район ҳәкими ҳәм тийисли қәнигелердиң қатнасыўында мәҳәллелерде қыйтақ жерлерден пайдаланыўды шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған жумысларды буннан былай да жеделлестириў бағдарында, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2025-жылы әмелге асырылатуғын илажлар “жол картасы”на муўапық Алтынкөл АПЖ аймағында “Мәҳәлле бағы”на тийкар салынды.
Аймақ жасы үлкенлериниң жақсы нийетлери менен дәслепки мийўели терек нәллери отырғызылып, бағ арасына овощ-палыз, картошка ҳәм басқа да егинлерди егиў арқалы қосымша дәрамат табыў бойынша тәжирийбе алмасылды.
Бундай бағ жаратыў жумыслары районның басқа аймақларында да әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.