Мағлыўмат ушын: Amex GBT бас резиденциясы Нью-Йорк қаласында жайласқан саяхатларды басқарыў компаниясы болып, 140 тан аслам мәмлекетте 18 мыңға шамалас хызметкерлерге ийе. Ең жоқары дәрежедеги туризм сегментинде жумыс алып барады. Тийкарғы клиентлери - АҚШ ҳәм басқа мәмлекетлердиң ири банклери ҳәм жеке меншик компанияларының басшылары ҳәм басқарыў хызметкерлери.
Сөйлесиўлерде Өзбекстанда жоқары дәрежедеги саяхат ҳәм туризм хызметлерин шөлкемлестириў ҳәм бул сегментте туристлер ағымын көбейтиў бойынша соңғы жылларда алып барылып атырған кең көлемли жумыслар, соның ишинде, саны артып баратырған авиақатнаўлар, белгили брендли мийманханалар, заманагөй курортлар ҳәм жоқары гастрономиялық имканиятлар ҳаққында толық презентация өткерилди.
Прабир Рой Өзбекстан Amex GBT клиентлери ушын еле ашылмаған жаңа үлкен потенциалға ийе мәнзил екенин айрықша атап өтип, бул сегментте мәмлекеттеги бар имканиятларды биргеликте ашыўға таяр екенин билдирди. Бул бағдарда тығыз бирге ислесиўди орнатыў, сондай-ақ, авиакомпания ҳәм туроператорлардың қатнасыўында әмелий қәдемлерди баслаў шеңберинде тийисли келисимлерге ерисилди, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.