«Әмир Темур жаўынгерлик байрағы» Қашқадәрьяда салтанатлы күтип алынды

    15 қаңтар 2025 149

    Президенттиң басламасы менен армия системасында шөлкемлестирилген "Әмир Темур жаўынгерлик байрағы" сыйлығы ушын өткерилген быйылғы таңлаўда Қубла-батыс арнаўлы әскерий округи жеңимпаз болды.

    Бүгин "Әмир Темур жаўынгерлик байрағы" Қашқадәрьяға алып келинди.

    Байрақты алып келген топар Қаршы темир жол вокзалында салтанатлы түрде күтип алынды. Илажда әскерлер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик қатнасты.

    Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими, ўәлаяттың әскерий-ҳәкимшилик секторының басшысы Муротжон Азимов Қубла-батыс арнаўлы әскерий округиниң сәркардалығын ҳәм барлық ўәлаят халқын усы жоқары сыйлық ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен және бир мәрте қутлықлады.

    Илажда уллы сәркарда Әмир Темур тулғасы сәўлелендирилди. Сондай-ақ, сөзге шыққанлар жаўынгерлик байрақтың тарийхый ҳәм руўхый әҳмийети және миллий мақтаныш ҳәм мәртлик белгиси екени атап өтилди.