баннер
5 Apr 2025
14:36

    Ана тили-өзлигимиз негизи

    1 Dekabr 2024 230

    Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында 1-декабрь-Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген сәнениң 35 жыллығына бағышланған руўхый-ағартыўшылық кешеси болып өтти.

    Оған оқыў орны басшылары, илимпазлар, студентлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллер қатнасты.

    Кешени филиал директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Хайрат Сейткамалов ашты ҳәм қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлап, ана тилимиздиң халқымыздың турмысында тутқан орны, атқаратуғын хызметлери ҳаққында айтып берди.

    Илажда Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер институты, үлкен илимий хызметкери, филология илимлериниң кандидаты Қыдырбай Бекбергенов «Қарақалпақ тили-мәмлекетлик тил», усы институттың қарақалпақ фольклоры бөлими баслығы Полат Өтениязов «Қарақалпақ фольклоры дүнья жүзи итибарында», Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының өзбек ҳәм шет тиллер кафедрасы баслығы Урзия Жақсымова «Қарақалпақ тили-миллийлигимиз тийкары» деген темаларда баянатлар жасап, илаж қатнасыўшыларының қызықтырған сораўларына жуўаплар берди.

    Байрам кешеси филиал студентлери тәрепинен сахналастырылған көркем-әдебий концерт бағдарламасы менен қызықлы даўам етти.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech