Әндижан мәмлекетлик техника институты шөлкемлестириледи

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Әндижан мәмлекетлик техника институтын шөлкемлестириў ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-396-санлы, 18.11.2024) қабыл етилди.

    Қарарға бола, Әндижан машина қурылысы институты, Әндижан экономика ҳәм қурылыс институты және Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институтының Әндижан факультети негизинде Әндижан мәмлекетлик техника институты шөлкемлестириледи.

    Автомобил қурылысы, электротехника, энергетика, тоқымашылық, инженерлик, қурылыс ҳәм басқа да санаат тараўлары бойынша, сондай-ақ, аймақтың жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талабына муўапық заманагөй билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе кадрларды таярлаў институттың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарларынан бири етип белгиленди.

    2025/2026-оқыў жылынан баслап:

    энергетика инженерлиги, жасалма интеллект, мехатроника ҳәм робототехника сыяқлы бағдарларда кадрлар таярлаў көлеми арттырылады;

    студентлериниң пәнлерди өзлестириў көрсеткиши ҳәм профессор-оқытыўшылардың жумыс нәтийжелилигин халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў системасы енгизиледи;

    студентлерге оқыў даўамында жүзеге келетуғын шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый мәселелер бойынша барлық зәрүр хызметлер "бир айна" принципи тийкарында көрсетилиўи жолға қойылады;

    бакалавриат ҳәм магистратура басқышларына оқыўға қабыл етилген қәбилетли студентлер ушын өз алдына топарларда сабақларды шет тиллеринде өткериў белгиленди.

    Әндижан машина қурылысы институты, Әндижан экономика ҳәм қурылыс институты және Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институтының Әндижан факультетинде билим алып атырған барлық студентлер оқыўын институтта даўам еттиреди.

    Питкериўши курс студентлерине 2024/2025-оқыў жылынан баслап институттың дипломи бериледи.