Әндижан мәмлекетимизде халық ең тығыз жайласқан аймақ. Өзбекстанның 10 процент халқы 1 процент жеринде жасайды. Сол себепли мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2021-жылы жаңа қаланың қурылысы басланған еди. Бул ретки сапарында Президент жойбардың дәслепки нәтийжелерин көрди.
Бул қала Әндижан районындағы адырлықта, аўыл хожалығында пайдаланылмаған 4 мың гектар майданда қурылмақта. Қурылыс сегиз басқышта режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытта 1 мың 770 квартиралы 63 жай пайдаланыўға тапсырылған. Сондай-ақ, 1 мың 680 орынлық мектеп, 420 орынлық балалар бақшасы, 250 қатнаўға мөлшерленген поликлиника қурылған. Жеңил санаат кәрханасы, ипотека орайы шөлкемлестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы аймақ бойлап жүрип, жаңа комплекслерди көзден өткерди.
Таяр шаңарақлардың көпшилигине шаңарақлар көшип келип, жасамақта. Ойын майданшаларындағы балалардың қуўанышлары кеўиллерге қуўаныш, тынышлық бағышлайды. Қурылыс жумыслары жедел даўам еттирилип, быйыл мыңнан аслам квартираға ийе және 40 көп қабатлы турақ жай қурылады.
Имаратлар жол, электр энергиясы, тәбийий газ, суў, ыссылық сыяқлы зәрүр тармақлар менен тәмийинленген. Ишимлик суўын жеткерип бериў ушын сыйымлылығы төрт мың куб метр болған суў сақлаў ҳәм жеткерип бериў имараты иске қосылды.
19 гектар майданда "Жаңа Өзбекстан" бағы жаратылып, он мың түптен аслам саяманлы терек нәллери, пута ҳәм гүллер егилди. Амфитеатр, дем алыў орынлары, декоратив жоллар, кафелер, балалар ойын майданы, жақтыландырыў системаларына ийе болған бағ Жаңа Әндижанның көрки болады.
Бул жердеги "Ўатансүйиўшилик бағы" үлкен рәмзий мәниске ийе. Бағдағы "Ўатанға ант" монументи, музей, концерт ҳәм тамаша майданлары мийманларда үлкен тәсирлер қалдырады.
Жойбардың көлеми кең. Аймақтың 1 мың 439 гектарында 2 мың көп қабатлы турақ жай бой тиклейди. Сондай-ақ, көплеген саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары, 1 мың 820 гектарда жасыл аймақлар шөлкемлестириледи. Қурылыслар питкеннен соң, бул жерде 410 мыңнан аслам халық жасаўы мүмкин болады.
Усы жерде жаңа қурылыс ҳәм абаданластырыў жойбарлары таныстырылды. Оған бола, Әлийшер Наўайы атындағы дем алыў бағы оңланады. Жаңа Әндижанда Заҳириддин Муҳаммед Бабур естелиги орнатылады. Президент онда Бабурдың тулғасын ҳақыйқый сәўлелендириў, әтирапын бабурийлер мийрасы бойынша тематикалық паркке айландырыў бойынша өз пикирлерин билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа бағда өнерментшилик, көркем өнер ҳәм әмелий көркем өнер көргизбелерин тамашалады. Әндижанда ҳәр жылы художниклер фестивалын өткериў басламасын алға қойды.