Әндижанда Шерали Жўраев атындағы музыка ҳәм көркем өнер жоқары мектеби шөлкемлестириледи

    4 тамыз 2025 925

    Жоқары мектептиң қәбилетли питкериўшилери өз оқыўын тийисли бакалавриат тәлим бағдары бойынша жоқары билимлендириў шөлкемлериниң 2-басқышынан даўам еттириўи мүмкин.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Өзбекстан халық артисти Шерали Жўраевтың естелигин мәңгилестириў ҳәм оның дөретиўшилик мектеби дәстүрлерин мүнәсип даўам еттириўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-232-санлы, 28.07.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, Әндижан қәнигелестирилген көркем өнер мектеби негизинде Шерали Жўраев атындағы музыка ҳәм көркем өнер жоқары мектеби шөлкемлестириледи.

    Жоқары мектепте оқыў процеси 2025/2026-оқыў жылынан басланады.

    Жоқары мектепке басланғыш музыкалық билимге ийе болған оқыўшылар дөретиўшилик сынақ тийкарында 9-класстан қабыл етиледи.

    Оқыў процеси мәмлекетлик грантқа тийкарланған 3 жыллық оқыў бағдарламасы бойынша шөлкемлестириледи ҳәм питкериўшилерге орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги диплом бериледи.

    Жоқары мектептиң қәбилетли питкериўшилери өз оқыўын тийисли бакалавриат тәлим бағдары бойынша жоқары билимлендириў шөлкемлериниң 2-басқышынан даўам еттириўи мүмкин.

    Сондай-ақ, жоқары мектепте Шерали Жўраевтың дөретиўшилик бағдары ҳәм жумысы бойынша илимий-дөретиўшилик лаборатория жумысы жолға қойылады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates