Әндижанға Қытайдан 100 электробус сатып алынады

    22 ақпан 2025 1135

    Әндижан қаласына Қытайдан 100 электробус сатып алыныўы режелестирилген.

    Бул ҳаққында Транспорт министрлиги мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, Әндижан ўәлаятындағы жолаўшы тасыў жумысы менен шуғылланыўшы кәрханалар халыққа қолайлы ҳәм сапалы транспорт хызметлерин көрсетиўди шөлкемлестириў мақсетинде автобуслар қурамын жаңалаўға итибар қаратпақта.

    Ҳәрекетлениў қурамын жаңа заманагөй автобус ҳәм электробуслар менен толықтырыў, сондай-ақ, Әндижан қаласында брутто-шәртнама системасын толық иске қосыў мақсетинде 100 электробус сатып алыныўы режелестирилген.

    Усы мүнәсибет пенен Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги, Әндижан ўәлаяты транспорт басқармасы, "Өзмиллийбанк" АЖ ҳәм потенциаллы исбилерменлерден ибарат делегация ҳәзирги ўақытта Қытай Халық Республикасында болып атыр.

    Делегация ағзалары Lanzhou Guangtong Nev Energy Automobile Co., Ltd ҳәм Guangtong компаниясы тәрепинен электробусларды ислеп шығарыў процеси, жеткерип бериў хызмети ҳәм басқа да темаларда сөйлесиўлер өткерип шәртнамаларға қол қойыў бойынша әмелий жумысларды алып бармақта.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates