Тышқанларда өткерилген тәжирийбелерде ол жүрек искерлигиниң айырым көрсеткишлерин 80 процентке шекем жақсылады.
Лондон Патшалық колледжи илимпазларының бул изертлеўи “Science Advances” журналында басып шығарылды, деп хабар берди “lenta.ru”.
Гәп уролитин А - әнар қурамындағы бирикпелерден ишек бактериялары пайда ететуғын зат ҳаққында бармақта. Алдын илимпазлар оны исиниўге қарсы ҳәм антиоксидант тәсирлер менен байланыстырған, бирақ оның жүрек жетиспеўшилигине тәсири елеге шекем аз үйренилген.
Авторлар уролитин А ның тәсирин жүрек жетиспеўшилиги болған, қан атып шығарыў фракциясы сақланған тышқанларда тексерип көрди. Бул жағдайда жүрек нормал қысқарыў қәбилетин сақлап қалады, бирақ жүдә қатты болып қалады ҳәм соққылар арасында жаман босасады.
Бул дәрилик зат ҳайўанларда жүректе тыртықлы тоқыма пайда болыўын кемейттирди ҳәм оның босасыў қәбилетин жақсылады. Айырым көрсеткишлер бойынша жүрек искерлиги бирикпени қабыл етпеген тышқанларға салыстырғанда 80 процентке шекем жақсыланған.
Қосымша тәжирийбелер лабораторияда өсирилген инсан жүрек тоқымасында өткерилди. Уролитин А оның қысқарыўы ҳәм босасыўын тезлестирди. Илимпазлар бул тәсирди басымды тәртипке салыў ҳәм жүрек булшық етлерин босастырыўда қатнасатуғын ПКГИα белогының активлесиўи менен байланыстырады.
Соның менен бирге, авторлардың атап өтиўинше, нәтийжелер әнар жеў жүрек жетиспеўшилигин пүткиллей емлей алады дегени емес.