"Report"тың Ҳиндстан ғалаба хабар қуралларына
тийкарланып хабар бериўинше, Гутерриш бул ҳаққында Ҳиндстанда болып өткен БРИКС
саммитиндеги шығып сөйлеген сөзинде айтқан.
"Бүгинги экономикалық,
демографиялық ҳәм геосиясий жағдайлар 1945-жылғы жағдайдан өзгеше. Ҳәм бизиң
структураларымыз буны сәўлелендириўи керек", - деди ол.
Гутерриштиң атап өтиўинше,
"бул саммитте қатнасып атырған мәмлекетлер дүньядағы ўақыялар қаншелли
өзгерип атырғанының айқын үлгиси болып есапланады. Биз көп полюслы дүньяға барған
сайын тезирек ҳәрекетленип атырмыз.