Оған райондағы сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, аўыл хожалығы ҳәм суў хожалығы қәнигелери, фермерлер қатнасты.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы бойынша орынбасары Шуҳрат Тешаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, райондағы егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў, атыз шетлерине терек нәллерин егиў, атызларға жергиликли төгинлерди шығарыў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша өзлериниң мәсләҳәтлерин берди.
Соның менен бирге, илажда аўыл хожалығы техникаларын оңлаў жумысларына айрықша итибар қаратыў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берилип, өсимлик зыянкеслерине қарсы қолланылатуғын биолабораториялық өнимлер, тамшылатып суўғарыў технологияларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жап-салмаларды бетонлаў ислери бойынша әмелий көргизбелер шөлкемлестиреди.
Бундай семинарлар республикамыздың барлық районларында болып өтпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.