Аўыл жаслары да қоллап-қуўатланбақта

    12 желтоқсан 2024 6

    Шымбай районындағы «Жаслар орайы»ның мәжилислер залында аймақтағы сектор басшыларының жаслар менен ушырасыўы болып өтти.

    Ушырасыўда Шымбай район ҳәкими Айбек Тажетдинов сөзге шығып Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-январьдағы «Мәҳәллелердеги жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 7-июньдеги «Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм оларды системалы шешиўди және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгилеп берилген тапсырмалардың өз ўақтында сапалы орынланыўы бойынша районда әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди. Сондай-ақ, жаслардың жасаў шараятларын жақсылаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, машқалаларын өз ўақтында унамлы шешиў, олардың пикир-усынысларын әмелге асырыў ушын алдағы ўақытлары жумысларды жеделлестириў кереклигине тоқтап өтти.

    Буннан соң район прокуроры Расул Халмуратов бүгинги күни мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған қолайлы шараятлар, имканиятлар, берилген жеңилликлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм жаслар арасында жынаятшылық пенен ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, коррупцияға қарсы гүресиў, олардың радикал ағымлар тәсирине түсип қалмаўы, миссионерликтиң унамсыз ақыбетлериниң алдын алыў, диний кеңпейиллик, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында кең түрде айтып өтип, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында бул бойынша турақлы түрде үгит-нәсият жумысларын алып барыў зәрүрлигине тоқтап өтти.

    Ушырасыўда район жаслары сектор басшыларына 12 мәселе бойынша мүрәжат етип, усы жердиң өзинде 6 жастың машқаласы өзиниң унамлы шешимин тапты. Ал, басқа мүрәжатлардың шешими белгили бир ўақыт талап етиўине байланыслы тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшыларына бул бойынша арнаўлы тапсырмалар берилип, олар сектор басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.