Атап айтқанда, 25-март күни усы арнаўлы автобус Бозатаў районынының ең шетки аймақларының бири Аспантай аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 10-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине барып, бул жердеги педагогларға өзлери жасайтуғын ҳәм жумыс ислейтуғын орынларынан узақласпаған ҳалда үзликсиз кәсиплик раўажланыўы, билимлерин жаңалаўы ушын имканият жаратылды.
Бул жерде тәжирийбе-сынақ тәризинде Мектепке шекемги баслаўыш ҳәм арнаўлы тәлим методикалары кафедрасының оқытыўшылары Г. Байтилеуова ҳәм Г. Ешмуратовалар тәрепинен шөлкемниң педагог кадрлары ушын мобиль қәнигелик арттырыў курсы шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.