Усы жылдың 21-22-январь күнлери аралығында Тахтакөпир районы Дәўқара аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 37-санлы шаңарақлық поликлиникасында арнаўлы шыпакерлер тәрепинен Дәўқара ҳәм Қаратерең елатларында жасаўшы 178 пуқара тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди.
Соның ишинде, усы медициналық тексериўден өткерилген 86 пуқараға бийпул дәри-дәрмақлар, профилактикалық ҳәм созылмалы кеселликлери бар пуқараларға амбулаториялық шараятта емлениўге усыныслар, зәрүрлигине қарай районлық емлеўханаға емлениў ушын жолламалар берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.









