Ушырасыўда дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң «Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси кең түрде түсиндирилип, қарар менен жаратылған имканиятлар, берилген жеңилликлер атап өтилди.

Атап өтилгениндей, қарар менен атыз шетлеринен нәтийжели пайдаланған аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша ишки фитосанитария сертификаты бир жыл даўамында бийпул берилиўи, атыз шетлерине егилген «in-vitro» усылында жаратылған мийўели сабылған нәллерди сатып алыў қәрежетлериниң 50 проценти муғдарында белгиленген тәртипте субсидия ажыратылыўы, атыз шетин өзлестириў ҳәм өним жетистириў ушын зәрүр болған туқым, нәллер, минерал төгинлер, химиялық препаратлар, материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлениўи, суў менен тәмийинлеў ушын насос ҳәм трубаларды орнатыў қәрежетлериниң 50 проценттен көп болмаған бөлегине кредитлер ажыратылыўы сыяқлы жеңилликлер берилмекте.

Илажда сондай-ақ, бар жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, өнимдарлықты арттырыўда заманагөй агротехнологияларды тартыў, атыз майданлары шетлеринде климатымызға сай, жоқары қосымша қунлы егин түрлерин егиў, ислеп шығарыўшыларды қаржылай қоллап-қуўатлаў, мол өним алыўды шөлкемлестириў, оларды суўғарыў системалары менен тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер ҳаққында сөз етилди. Өткерилген илаж даўамында тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланып, әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.