баннер
17 Mar 2025
09:50

    Ақыллы ҳәм оқымыслы ҳаял-қызлар – уллы келешек дөретиўшилери

    Бүгинги раўажланыў процесслеринде нәтийжели мәмлекетлик басқарыўды ҳаял-қызлардың қатнасыўысыз көз алдымызға келтирип болмайды.

    Халықаралық тәжирийбе гендер тең салмақлылыққа ийе мәмлекетлик басқарыў инклюзив экономиканың раўажланыўы, қабыл етилетуғын қарарлардың сапасы ҳәм мәмлекетлик уйымларға халықтың исениминиң артыўына унамлы тәсир ететуғынын көрсетпекте.

    БМШ Раўажланыў бағдарламасы - UNDP мағлыўматларына бола, басшылық лаўазымларында ҳаял-қызлардың үлеси 30 проценттен асқан мәмлекетлер экономикалық ҳәм социаллық турақлылыққа ийе екен.

    Жәҳән банкиниң изертлеўлерине қарағанда, гендер теңлиги тәмийинленген мәмлекетлерде коррупция дәрежеси төменлегени бақланған. Себеби ҳаял басшылар көбирек узақ мүддетли стратегия ҳәм социаллық жуўапкершиликке және де көбирек бағдарланған болады.

    Соңғы жыллары Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыўда ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында теңликти тәмийинлеў бағдарында исенимли қәдемлер тасланды. Тараўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый база жетилистирилди. Атап айтқанда, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша нызамшылық ҳәм институционаллық тийкарларды беккемлеў жолында әҳмийетли илажлар көрилип, ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған 20 дан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.

    Елимиздеги реформалардың нәтийжелилигин халықаралық жәмийетшиликтиң тән алыўы ҳәм халықаралық рейтинглердеги унамлы баҳалар мысалында да көриўимиз мүмкин.

    Мәмлекетлик пуқаралық хызметинде кадрлар сиясатын жүргизиў бойынша жуўапкер уйым сыпатында Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги бул бағдарда системалы жумыслар ислемекте. Бәринен бурын, агентлик тәрепинен ашық таңлаўлар жолға қойылып, ҳәмме ушын бирдей талаплар белгиленди. Жумыс бериўши, кадрлар басқармасы ўәкиллери ҳәм талабанлар арасындағы инсан факторы шекленди. Бул ҳаял-қызлардың мәмлекетлик хызметке кириў имканиятын және де кеңейтти.

    Алдын мәмлекетлик хызметкерлердиң 5-8 процентин ҳаял-қызлар қураған болса, енди таңлаў жеңимпазларының дерлик 33 проценти ҳаял-қызлар болып табылады.

    Бүгинги күнге шекем ашық таңлаўларда 3,7 миллион талабаннан арзалар келип түскен болса, олардың 20 проценти ҳаял-қызлардың үлесине туўра келди. Таңлаўларда жеңимпаз болған 78 мың 900 пуқараның 26 мың 300 и, яғный 33 проценти ҳаял-қызлар. Буны кадрлар сиясатындағы үлкен жетискенликлерден бири сыпатында тән алыўымыз мүмкин.

    Сондай-ақ, агентлик тәрепинен республикамызда басшы лаўазымлар ушын қәлиплестирилген миллий кадрлар резервинде ҳаял-қызлардың үлеси өткен жыл даўамында 2023-жылдағыға қарағанда 2 есеге артты.

    Буннан тысқары, агентлик 29 республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымы ҳәм олардың Сырдәрья ўәлаятындағы 7 аймақлық басқармаларында жумыс алып барып атырған 83 ҳаял-қыз ушын сынақ тәризинде бейимлескен жумыс режими апробациясын табыслы өткерди. Енди мәмлекетлик хызметте ҳәмме ушын усындай қолайлы режимди жолға қойыў илажлары көрилмекте.

    Өз гезегинде, жумысқа кириўдиң ашық-айдын системасы, оптимал жумыс режимлери тараўға ең потенциаллы кадрларды тартыў, басқарыўда сапа ҳәм нәтийжелиликти және де арттырыўға хызмет етеди.

    Ҳаял-қызларға ҳүрмет, басқарыўда ҳаял-қызлардың қатнасын арттырыў елимизде алып барылып атырған сиясаттың орайлық орынларында турады. Атап айтқанда, соңғы жыллары ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм гендер теңлик мәселелерине үлкен итибар қаратылып, олардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлесин арттырыўға қаратылған бир қатар басламалар алға қойылды. Олардың ең әҳмийетлиси "Басшы ҳаял-қызлар мектеби" бағдарламасы болып есапланады.

    Президентимиздиң 2022-жыл 7-марттағы "Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды және де жеделлестириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, мәмлекетлик басқарыўда ҳаял-қызлардың үлесин арттырыўға қаратылған комплексли илажлар ислеп шығылды. Бул бағдарламаның тийкарғы мақсети ең потенциаллы ҳаял-қызларды басшылық лаўазымларына мақсетли таярлаўдан ибарат.

    Бүгинги күнге шекем "Басшы ҳаял-қызлар мектеби" оқыў бағдарламасының 3 мәўсими шеңберинде 150 ге шамалас ҳаял оқытылды. Оқыўлар жуўмағына бола, бул тыңлаўшылар Миллий кадрлар резервине киргизилди, 44 и ҳәзир жоқары басшылық лаўазымларына тайынланды.

    Өткен жылдың сентябрь-декабрь айларында агентлик тәрепинен Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте бағдарламаның төртинши мәўсими ушын талабанларды таңлап алыў процеси өткерилди. Нәтийжеде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен усыныс етилген ҳаял-қызлар арасынан 300 ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң усынысы менен жоқары нәтийже көрсеткен, жетик ҳәм интакер 250 ҳаял-қыз мектеп директоры лаўазымына таңлап алынды. Онда жәми 550 потенциаллы ҳаял-қызлардың дизими қәлиплестирилди.

    Таңлап алынған талабанлардың билим дәрежесин анықлаў ушын өткерилген Миллий кадрлар резерви тест сынақларынан табыслы өткен 141 ҳаял-қыз бенен өткен жылдың 14-21-ноябрь ҳәм 16-20-декабрь күнлери комиссия сәўбетлери шөлкемлестирилди. Бул сәўбетлесиў процесинде Бас министрдиң орынбасары, комитет ўәкиллери ҳәм Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

    Тест сынақлары ҳәм сәўбет нәтийжелерине тийкарланып ең жоқары нәтийжелерге ерискен 100 ҳаял-қыз "Басшы ҳаял-қызлар мектеби"ниң жаңа мәўсим оқыўларына қатнасыў ушын усыныс етилди.

    Бүгинги күнде реформаларды нәтийжели әмелге асырыў ушын басшылардан экономика ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, пуқаралардың дәраматларын көбейтиў ҳәм халықты кәмбағаллықтан шығарыў бойынша көбирек билим талап етилмекте.

    Сонлықтан, бул мәўсим оқыў бағдарламасы санлы экономика, исбилерменлик экосистемасы, "жасыл" экономиканы раўажландырыў ҳәм жасалма интеллект тийкарлары сыяқлы модуллер менен жетилистирилди. Сондай-ақ, сабақ шынығыўларына Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм уйымлар, коммерциялық банклердиң тәжирийбели басшы ҳәм қәнигелери тартылмақта.

    Бағдарлама жуўмағы бойынша оқыўларды ең табыслы тамамлаған ҳаял-қызлардың сырт мәмлекетлердиң абырайлы университетлери, илимий орай ҳәм компанияларында қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў режелестирилген. Атап айтқанда, оқыў бағдарламасы тыңлаўшыларын Түркия, Венгрия, БАӘ ҳәм Латвия сыяқлы мәмлекетлерге тәжирийбе арттырыўға жибериў бойынша илажлар ислеп шығылмақта.

    Ҳаял-қызлардың өз мойнындағы ўазыйпаларды орынлаўға, яғный атқарыў тәртибине үлкен жуўапкершилик пенен қатнас жасаўы, олардағы исшеңлик потенциалы, сөйлесиў көнликпелери, жедел ҳәм исеним менен қарар қабыл етиў шеберлиги және бул процесслерде басқа инсанлардың пикирлерин де есапқа алып жуўмақ шығара алыў өзгешелиги мәмлекетлик хызметте олардың өзине тән орын ийелейтуғынын көрсетеди. Президентимиздиң атап өткениндей: "Ҳаял-қызлар ислеген ҳәм басшылық еткен орынларда тәртип, әдиллик, ҳадаллық ҳәм мәденият жоқары болады".

    Бүгинги гендер теңликти тәмийинлеў сиясаты тийкарында әмелге асырылып атырған, жоқарыда есапланған илажлар нәтийжесинде мәмлекетимизде ҳаял-қызларды басшылыққа таярлаўдың өзине тән миллий модели қәлиплеспекте.

    Өз гезегинде, бул бағдар шеңберинде белгилеп алынған ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў, мақсетли көрсеткишлерге ерисиў ушын бул бағдардағы реформалардың избе-излигин тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе.

    Бунда басшылық лаўазымында жумыс алып барып атырған ҳаял-қызларға болған унамсыз мүнәсибетти өзгертиў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик ҳәм сиясий турмыстағы орнын арттырыў бойынша кең жәмийетшиликтиң қатнасын күшейтиў оғада әҳмийетли болып есапланады.

    Ҳәзирги ўақытта ҳаял басшылардың басқарыў потенциалына жәмийетте исенимсизлик жағдайы бар екенлиги себепли, басшы ҳаял-қызларымыз және де билимли ҳәм тәжирийбели болыўы талап етиледи. Оның ушын болса олардың сиясий ҳәм ҳуқықый билимлерин арттырыў, кәсиплик билим ҳәм маманлығын турақлы раўажландырыў және басшылық лаўазымларына мақсетли таярлаўға қаратылған жумысларды системалы жолға қойыў әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады.

    Лаўазымнан өсиўде ҳаял-қызлар ушын "айналы төбе" ҳәм гендердиң вертикал сегрегациясы машқаласының себебин сапластырыў, олар ушын "карьера модели"ниң нәтийжели әмелге асырылыўын қадағалаўда мәмлекетлик шөлкемлердеги ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятларды тәмийинлеў бойынша мәсләҳәт кеңеслериниң жуўапкершилигин күшейтиў әҳмийетли.

    Мәмлекетлик хызметтиң түрли бағдарларында жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлардың абырайын арттырыўға қаратылған, атап айтқанда, мәмлекетлик басқарыўдың түрли буўынларында табысқа ерисип атырған ҳаял-қызлар ҳаққында телевизиялық бағдарламалар жаратыў, дөгерек сәўбетлерин өткериў, социаллық роликлер ислеп шығыў, миллий сериалларда мәмлекетлик хызметтеги ҳаял-қызлардың унамлы имиджин қәлиплестириўге итибар қаратыў зәрүр.

    Ҳаял-қызларды басшылыққа таярлаўдың өзине тән миллий модели тийкарында мәмлекетлик хызметте билимли ҳәм интакер, басқарыўға байланыслы компетенцияларды нәтийжели өзлестирген потенциаллы басшы ҳаял-қызлар корпусын қәлиплестириў мүмкин болады. Бул болса, өз гезегинде, басқарыўда сапа ҳәм нәтийжелиликти арттырыў және жәмийетлик-сиясий турмысымыздың түрли тараўларын және де раўажландырыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етеди!

    Фарангиз АВАЗБЕКОВА,

    Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы

    Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң бас инспекторы,

    юридикалық илимлер бойынша философия докторы

    Телеграм каналымыз
    Text to speech