Усы арнаўлы автобус Мойнақ районындағы алыс Ҳәким ата аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 15-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм «Нурмуғамбетова Майна» шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине барып, бул жердеги педагогларға өзлери жасайтуғын ҳәм ислейтуғын орынларынан узақласпаған ҳалда үзликсиз кәсиплик раўажланыўы, билимлерин жаңалаўы ушын имканият жаратылды.
Мобиль қәнигелик арттырыў курсында методикалық шеберлик күни бағдарламасы тийкарында темалар белгиленген, мәселен “Гөззал бәҳәр” темасында, ерте жастан балалардың сүўрет салыўы, сүўрет салыўда қолланылатуғын усыл ҳәм технологиялар ҳаққында түсиник бериў, “Мәўсимлик өзгерислер” темасында тараўлар тийкарында мақсетлерди белгилеў, темадағы мақсетлерди әмелге асырыў усыллары, технологиялары, билимлендириў жумысында пайдаланылатуғын көргизбели ҳәм тарқатпа қураллар, “Халық дереклери” темасында балаларды миллий қәдириятлар, дәстүрлер тийкарында раўажландырыўдың нәтийжели усылларын үйретиў ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.
Мағлыўмат ушын, мобиль тәжирийбе арттырыў хызметлери аудитория көринисиндеги қайта үскенеленген автобус негизинде шөлкемлестирилген болып, бул автобус бир ўақыттың өзинде 14 педагогқа сабақ өтиў ушын оқыў орынлары, 10 NR маркалы ноутбук, 1 дана 65 дюймлы интерактив монитор, жазыў доскасы, 1 интернет тарқатыўшы қурылма WI FI router менен қайта үскенеленген.
Бул автобустан узақ ҳәм шетки аймақларда жасайтуғын мәмлекетлик ҳәм жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары ушын мобиль қәнигелик арттырыў хызметлерин көрсетиў, яғный үзликсиз кәсиплик раўажландырыў (“методикалық шеберлик күни” ҳәм “методикалық шеберлик сабағы”) илажларын тийисли аймақларға барған ҳалда өткериў, тренинг, семинар ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў мақсетинде пайдаланылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.