Байрам салтанаты спорт мектеби майданында «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» сүрени тийкарында белгиленип, байрамға район ҳәкими З.Зайтов, нураныйлар ҳәм кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери менен район турғынлары қатнасты.
Онда район ҳәкими байрам кешесине жыйналғанларды жаңарыў ҳәм жасарыў әййямы-Наўрыз байрамы менен қутлықлады. Сондай-ақ, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халқымыздың жасаў шараятларын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен көркем өнер шеберлери менен бирге жас талант ийелери тәрепинен атқарылған театрластырылған байрам тамашасы, миллий қосықлар, миллий тағамлар көргизбеси ҳәм спорт ойынлары жыйналғанларға байрам кейпиятын бағышлады.
Байрам илажлары районныӊ барлық аймақларында даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.