АҚШ өзбек шафран өниминиң импортына берилген рухсатнаманың мүддетин созды

    ФДА рухсатнамасы - өзбек шафран өними АҚШ базарында нызамлы түрде саўдаға шығарыў ушын зәрүр болған тийкарғы ҳүжжет болып есапланады.

    АҚШ азық-аўқат өнимлери ҳәм дәри-дәрмақларды қадағалаў басқармасы тәрепинен “BMB HOLDING”тиң “BMB Opera Zafferano” кәрханасына шафран өнимин АҚШқа экспорт етиў имканиятын беретуғын ФДА рухсаты усынылған еди. Енди бул рухсатнаманың мүддети создырылды.

    Жиззақ ўәлаятының Бахмал районындағы шафран плантациясында өнимди егиў, жетистириў, агротехникалық илажларды өз ўақтында өткериў, жыйнаў, қайта ислеў ҳәм сақлаў, қадақлаў процесслери толық үйренип шығылғаннан соң “BMB Shifo” кәрханасы усы ҳүжжетке мүнәсип деп табылды.

    Мағлыўмат орнында: ФДА (Food and Drug Adminstration) - АҚШтың азық-аўқат, дәри-дәрмақ, медициналық, косметика, биологиялық өнимлердиң қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилигин қадағалаўшы мәмлекетлик агентлиги болып, бул шөлкем өнимлердиң инсан саламатлығына зыян жеткермеўин ҳәм белгиленген стандартларға муўапықлығын тәмийинлейди.

    ФДА рухсатнамасы - өзбек шафран өними АҚШ базарында нызамлы түрде саўдаға шығарыў ушын зәрүр болған тийкарғы ҳүжжет болып есапланады.