Мағлыўмат ушын: Пакистан Қубла Азиядағы ең ири тутыныў базарларынан бири
болып, жаңа түрдеги өнимлер ушын фитосанитариялық рухсатнамалар алыў:
Экспорт көлемин арттырыў
жаңа саўда байланысларын раўажландырыў ҳәм беккемлеў
миллий өнимлерди халықаралық базарларда алға қойыў
экспорт географиясын диверсификациялаў
Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Пакистан ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясының
Исламабадта болып өткен 10-мәжилисинде Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў
агентлиги директорының кеңесгөйи Улуғбек Юнусов додалаўларда қатнасып, жаңа
алма, әнжир, лимон ҳәм ашшы бурыш экспортын жолға қойыў бойынша келисимге
ерисилгени атап өтилген.
2026-жыл жағдайына бола, Пакистанға экспорт етиў шеңберинде 4 түрдеги өнимге
руқсатнама алынып, жәми экспортқа руқсат етилген өнимлер саны 29 ға жетти.