Ҳүрметли Президент Мырза!
Америка Қурама Штатлары халқы атынан Сизди ҳәм пүткил Өзбекстан халқын әжайып Наўрыз байрамы менен қутлықлайман. Бул ҳәмме ушын тынышлық, абаданлық ҳәм жаңаланыў байрамы болып табылады.
Мәмлекетлеримиз арасында беккем байланыслар орнатылып атырғанын жоқары қәдирлеймен ҳәм Сизиң избе-из реформалар бағдарламаңызды қоллап-қуўатлайман. Саўда байланысларымызды кеңейтиў ҳәм заманымыздың ең үлкен машқалаларын шешиў жолында бирге ислесиўди интизарлық пенен күтемен.
Уллы мәмлекетлеримиз раўажланыўға умтылып атырған бир ўақытта, Америка Қурама Штатлары Өзбекстанның суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин бәрқулла қоллап-қуўатлаўға садық болып қалады.
Наўрыз мүбәрек болсын!
Шын жүректен,
Дональд Трамп,
Америка Қурама Штатлары Президенти