баннер
8 Apr 2025
01:31

    Арал бойы аймағында көклемзарластырыў жумыслары басланды

    28 Yanvar 2025 94

    Жақында Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан бойынша әмелге асырылған ең үлкен жойбарлардан бири болған халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Қоңырат-Бейнеу» аралығындағы жаңадан қурылған автомобиль жолының 240 километри халқымыздың абаданлығы ушын пайдаланыўға тапысырылған еди.

    Усы автомобиль жолы бойын көклемзарластырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында 2025-жылы сексеўил егиў мәўсими басланды.

    Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңестеги Т.Худайбергенов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, республика сектор баслықлары ҳәм мәкеме-шөлкем жуўапкерлери қатнасты.

    Егиў мәўсими басланыўына бағышланған илажда үш әўлад ўәкиллери ҳәм депутатлар қатнасып, ең тийкарғысы жаслар елимиз экологиясын жақсылаў жолында өзлериниң салмақлы үлесин қосты.

    Бундай ийгиликли жумыслар шеңберинде халықаралық автомобиль жолының 890-1204-километр аралығындағы 314 км жол бойында 2800 гектар майданда 1 миллион 150 мың түпке шамалас сексеўил ҳәм басқа жолға шыдамлы өсимликлерди егиў режелестирилген.


    Соны да атап өтиў керек, кейинги жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўға айрықша итибар қаратылып, өткен жыллар даўамында Арал теңизиниң қурыған майданларында «Жасыл қапламалар» жаратыў мақсетинде жәми 1,8 млн. гектар майданға сексеўил ҳәм басқа шөлге шыдамлы өсимликлер егилди. Бундай ийгиликли жумыслар бүгинги күнде де қызғын даўам еттирилмекте. Быйылғы «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»да бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға алып шығыўға беккем тийкар болады.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech