Усы көзқарастан Беруний районында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм жаңа дәрамат дәреклерин қәлиплестириў бағдарындағы жумыслар комплексли ҳәм системалы қатнас тийкарында орынланып атырғаны менен әҳмийетли.
Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў тек ғана жумыс орнын ашыў ямаса жумыссыз пуқараны жумысқа жайластырыўдан ибарат емес. Оның тийкарында инсанның мийнети, билими ҳәм басламасы арқалы турақлы дәрамат табыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў идеясы жәмленген.
Беруний районында бул бағдарда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, аўыл хожалығы имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў, қурылыс ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў сыяқлы бағдарларға айрықша итибар қаратылмақта.
Бундай қатнастың әҳмийетли тәрепи сонда, халық тек ғана таяр жумыс орнын күтип отырмайды, ал өзин-өзи бәнт етиў, исбилерменлик жумысын жолға қойыў ҳәм экономикалық имканиятлардан пайдаланыўға хошаметленеди. Нәтийжеде бәнтлик мәселеси социаллық жәрдем шеңберинен шығып, экономикалық белсендилик ҳәм жеке басламаны хошаметлеўши механизмге айланады.
Кәмбағаллықты қысқартыўда ең әҳмийетли мәселе - шаңарақты ўақытша қоллап-қуўатлаў менен шекленип қалмаў керек. Турақлы нәтийжеге ерисиў ушын шаңарақтағы имканиятларды анықлаў, мийнетке жарамлы ағзаларды жумыс пенен тәмийинлеў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм турақлы дәрамат дәрегин қәлиплестириў зәрүр.
Беруний районында социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар менен ислесиўде мине усы принцип барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Яғный социаллық жәрдемнен мақсет инсанды турақлы жәрдемге мүтәж жағдайда сақлап қалыў емес, ал оның экономикалық еркинлигин тәмийинлеўге хызмет етиўи керек.
Бул болса мәҳәлле дәрежесинде ҳәр бир шаңарақтың социаллық-экономикалық жағдайын терең үйрениў, оның талап ҳәм имканиятларын анықлаў және индивидуал қатнас тийкарында жумыс алып барыўды талап етеди.
Халықтың бәнтлиги ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда мәҳәлле институтының орны айрықша. Себеби инсанның реал мүтәжлиги, шаңарақтың машқаласы, потенциалы ҳәм исбилерменликке қызығыўшылығы, бәринен бурын, мәҳәлле дәрежесинде анықланады.
Сонлықтан, аймақта көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги тек ғана ашылған жумыс орынлары емес, ал ҳәр бир шаңарақтың экономикалық жағдайында жүзеге келген өзгерислер менен баҳаланыўы әҳмийетли.
Бул қатнас улыўма санлардан ўаз кешип, инсан тәғдирине байланыслылық сезимин аңлаўға хызмет етеди. Яғный ҳәр бир жумыссыз пуқара, ҳәр бир кем тәмийинленген шаңарақ ҳәм ҳәр бир исбилерменлик басламасы айрықша итибар объектине айланыўы керек.
Президентимиз усы жыл 18-19-сентябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары ўақтында Нөкис районындағы «Дийқан арна» мәҳәллесинде болып, бул жерде аймақ белсендилери, нураныйлар ҳәм жаслар менен қызғын пикирлести. Аралбойын раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан екенин атап өтип, мәҳәллелерде басланған бундай ийгиликли жумыслардың көлеми кеңейип, оларды әмелге асырыў пәти және де жеделлесетуғынын атап өтти.
Экономикалық белсендилик - шаңарақ абаданлығының тийкарғы кепили. Халықтың дәраматын арттырыўда ең үлкен потенциал аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў, киши бизнес, өнерментшилик, қурылыс ҳәм басқа да тараўларда бар.
Беруний районы ушын, әсиресе, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары халықтың бәнтлигин кеңейтиўде әҳмийетли имканият болып табылады. Бар ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, заманагөй технологияларды енгизиў, исбилерменлик басламаларын хошаметлеў ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў арқалы жаңа дәрамат дәреклерин ашыў мүмкин.
Соның менен бирге, бул процессте тек ғана жумыс орынларының саны емес, ал турақлылығы, рәсмийлиги, мийнет шараяты ҳәм дәрамат дәрежеси де үлкен әҳмийетке ийе. Себеби ҳақыйқый абаданлық бир мәртелик дәрамат ямаса ўақтынша жумыс пенен емес, ал инсанның узақ мүддетли ҳәм турақлы экономикалық белсендилиги менен тәмийинленеди.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў процесиниң ең әҳмийетли нәтийжеси статистикалық көрсеткишлерде емес, ал инсан турмысындағы унамлы өзгерислерде көринеди.
Шаңарақта турақлы дәрамат пайда болыўы перзентлердиң билимлендириўи, денсаўлығы ҳәм келешегине көбирек инвестиция киргизиў имканиятын береди. Исбилерменликке кирип келген инсан болса тек ғана өз шаңарағы ушын емес, ал басқа пуқаралар ушын да жаңа имканиятлар ашыўы мүмкин.
Усы мәнисте, бир жумыс орны - бир статистикалық сан емес. Оның артында бир инсанның экономикалық еркинлиги, бир шаңарақтың абаданлығы ҳәм жәмийеттеги социаллық турақлылық жәмленген. Келешектеги ўазыйпа нәтийжелиликти турақластырыў, ерисилген нәтийжелерди және де беккемлеў ушын бәнтлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў сиясатында нәтийжелиликке тийкарланған қатнасты күшейтиў болып табылады.
Онда, бәринен бурын, халықтың мийнет потенциалын толық иске қосыў, кәсип-өнерге оқытыўды мийнет базарының талаплары менен үйлестириў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың экономикалық белсендилигин арттырыў, исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм ашылған жумыс орынларының турақлылығын тәмийинлеў әҳмийетли.
Сондай-ақ, кәмбағаллықтан шыққан шаңарақларды кейинги басқышта да бақлап барыў, олардың және социаллық қорғаўға мүтәж жағдайға түсип қалыўының алдын алыў да әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Буның ушын ҳәр бир шаңарақ пенен ислесиўде «машқаланы анықлаў - имканиятты белгилеў - шешимди әмелге асырыў - нәтийжени бақлаў» принципи тийкарында жумыс алып барыў мақсетке муўапық.
Беруний районында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы жумыслар тийкарынан бир-бири менен тығыз байланысқан бирден-бир процессти қурайды. Оның орайында болса инсан мәпи тур. Халыққа жумыс орнын ашыў, исбилерменлик ушын шараят жаратыў, социаллық қорғаўды мәнзилли шөлкемлестириў ҳәм шаңарақлардың дәраматын арттырыў арқалы аймақта тек ғана экономикалық белсендилик емес, ал социаллық турақлылық та беккемленеди.
Пардагул РАЗЗОҚОВА,
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы
Беруний районы бөлиминиң баслығы