Аралдағы жасалма тоғайлықлар 2 миллион гектарға шамаласты

    18 сәуір 2025 69

    Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 18-январьдағы «Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында «Жасыл қапламалар» – қорғаныў тоғайлықларын пайда етиўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары менен 2022-2026-жыллар даўамында Арал теңизиниң суўы қурыған аймақларында ҳәр жылы 100 мың гектар жерге «жасыл қапламалар» – қорғаныў тоғайлықларын пайда етиў белгиленген еди.

    2024-жылдың қысқы-бәҳәрги мәўсимлеринде жәми 112 мың 502 гектар жер майданына тоғай мелиорациялық жумыслары әмелге асырылған болып, соннан 109 мың 443 гектарында туқымнан (70 мың 50 гектарына самолёт, 39 мың 393 гектарына техника), 3059 гектарында нәл егиў арқалы тоғайлықлар пайда етилди.

    – Бул жумысларды әмелге асырыўда тоғай хожалықларынан 1000 жумысшы хызметкер, 200 техника, 2 АН-2 самолёты, 4 дельтаплан ҳәм басқа да техникалар менен механизмлер иске қосылды,-дейди Мойнақ мәмлекетлик тоғай хожалығы директоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшысы А.Бекмуратов.

    Президентимиздиң 2023-жыл 23-ноябрьдеги «Республикада жасыллық дәрежесин және де арттырыў, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын басқышпа-басқыш әмелге асырыў арқалы экологиялық турақлылықты тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Тоғай хожалығы фонды жерлерине 2024-жылғы бәҳәр мәўсиминде Мойнақ районы аймағында 109 мың нәл егиў режеси белгиленген еди. Соннан, Мойнақ мәмлекетлик тоғай хожалығы тәрепинен 45 мың түп шөл өсимликлериниң нәли тоғай хожалығы фондына тийисли жерлерге егилди.

    Мойнақ мәлекетлик тоғай хожалығы тәрепинен 2024-жылы жәми 36 кәрхана менен 68 мың 495 түп нәл ҳәм қәлемшелерге шәртнама дүзилди. Шәртнаманың баҳасы 142 миллион 669 мың сумды қурайды. Соннан 24 мыңнан аслам нәл ҳәм қәлемшелер жеткерип берилди.

    Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 7-марттағы «Быйылғы бәҳәрги ҳәм гүзги мәўсимлерде көклемзарластырыў, саяманлы, мийўели терек ҳәм путақ нәллери ҳәм қәлемшелерди егиў илажларын системалы, тәртипли түрде шөлкемлестириў ҳаққында»ғы бийлиги ҳәм Тоғай хожалығы агентлигиниң сәйкес көрсетпелерине муўапық Мойнақ мәмлекетлик тоғай хожалығы тәрепинен 14 кәрхана менен 36 мың 595 түп нәл ҳәм қәлемшелерди бийпул жеткерип бериўге, мектеплерге 4659 дана қәлемше ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 2416 түп нәл бийпул жеткерип берилди.

    Мағлыўмат ушын, Өткен 6 жыл даўамында Арал теңизиниң қурыған 1 миллион 865 мың 350 гектарлық жер майданында тоғай-мелиорациялық жумыслары әмелге асырылған. Соннан, 1 миллион 782 мың 953 гектарлық майданда туқымнан (1360313 га. самолёт, 422640 га. техника жәрдеминде), 82 мың 397 жер майданда нәлден тоғайлықлар пайда етилген.

    Оған жәми 6 миллион 944 мың 976 килограмм шөл өсимликлериниң туқымлары жумсалған. Соннан 4 миллион 479 мың 774 килограмм сексеўил, 665 мың 624 килограмм қәндим, 5000 килограмм черкез, 1 миллион 685 мың 556 килограмм қарабарақ ҳәм 109 мың килограммнан аслам басқа түрдеги шөл өсимликлериниң туқымлары таярланған.

    Ә.Жийемуратов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates