Бүгин МҒКАда өткерилген брифингте “Ҳудудгазтаъминот“ АЖ мәлимлеме хызметиниң басшысы Дилором Жуманиязованың мәлим етиўинше, жәмийет тәрепинен 2025-жылдың басынан берли халық ҳәм көтере тутыныўшыларға 4 миллиард 923 миллион 74 мың метр куб тәбийий газ жеткерип берилген.
Соннан 3 миллиард 441 миллион 910 мың куб метр халыққа, 1 миллиард 481 миллион 164 мың куб метр көтере тутыныўшыларға қаратылған. Сондай-ақ, ыссылық тәмийнаты кәрханалары 297 миллион 180 мың, социаллық тараў объектлери 63 миллион 47 мың, автомобиллерге газ толтырыў компрессор шақапшалары болса 462 миллион 21 мың куб метр тәбийий газ бенен тәмийинленген. 90 мың 463 тонна суйылтырылған газ тутыныўшыларға жеткерилген.
Алыс аймақлардағы халық реже-график тийкарында газ баллонлары менен тәмийинленбекте. Қысқы мәўсим ушын 35 мың 100 дана газ баллоны ҳәм 3,5 мың тонна резерв қәлиплестирилген.
Газ тәмийнатының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде арнаўлы техника, комплектлеўши бөлеклер ҳәм авариялық жағдайларды сапластырыў ушын 848 қәнигеден ибарат бригадалар тартылған.
Жыл басынан берли 6021 нызамсыз газден пайдаланыў жағдайы анықланып, 81 миллиард 300 миллион сумлық газ көлеми қайта есап-санақ етилди. Сондай-ақ, 30 "бункер"диң жумысы ашылып, 17,3 мың тонна суйылтырылған газ талан-тараж етилиўине жол қойылмады.
Газ тәмийнаты системасын модернизациялаў шеңберинде аралықтан мониторинг ҳәм қадағалаў имканиятын беретуғын телеметрия системасы енгизилди. Жаңаланған газ бөлистириў пунктлеринде жасалма интеллекттен пайдаланыў имканияты жаратылды.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наманган, Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында усы жойбар әмелге асырылмақта.