Самолёт бортында 218 жолаўшы болып, самолёт дәстүрий түрде суў аркасы менен күтип алынды. Усы биринши рейс пенен бирге Бухара, Самарқанд, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласының туризм потенциалы менен танысыў мақсетинде бир қатар туристлик топарлар да жетип келди.
«AirAsia X» ўәкиллери қызыл лента ҳәм байрам тортын кесиў мәресиминде қатнасты. Жолаўшылар ушын миллий аяқ ойын ансамблиниң атқарыўы шөлкемлестирилди.
Илаж қатнасыўшылары бул авиақатнаўлар Өзбекстан ҳәм Малайзия арасында туризм, саўда-экономикалық, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға, сондай-ақ, Қубла-Шығыс Азия мәмлекетлеринен республикамызға туристлер ағымын көбейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.
"Куала-Лумпур - Ташкент - Куала-Лумпур" жөнелиси бойынша пәрўазлар ҳәптесине үш мәрте - дүйшемби, сәршемби ҳәм жума күнлери кең фюзеляжлы Airbus A330 самолётларында әмелге асырылады.