“Аймақлық электр тармақлары” АЖ тәрепинен де филиаллардың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге оғада үлкен итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстан аймақлық филиалының қурамына кириўши қалалық ҳәм районлық электр тәмийнаты бөлимлери ушын 30 дана «Changan» жүк-жолаўшы тасыўшы электромобильлериниң сатып алыныўы тутыныўшыларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын буннан былай да жақсылаў имканиятын береди.

Нөкисте усы автомобильлерди өз ийелерине тапсырыў мәресими болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановлар шығып сөйлеп, пайдаланыўға тапсырылып атырған усы хызмет транспортларының абзаллықларына тоқтап өтип, соңғы жыллары халықты сапалы ҳәм үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў бағдарында қолға киргизилген жетискенликлердиң тийкарында Президентимиздиң тараўдың раўажланыўына қаратып атырған турақлы итибары турғанлығын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 30 дана электромобильалынды. Олар қала ҳәм районларға жибериледи.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.