Мәмлекетте балалар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын исенимли тәмийинлеў, оларды ҳәр қандай күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў, жәмийетте бундай жағдайларға маўасасызлық орталығын қәлиплестириў, сондай-ақ, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң муўапықластырылған ҳәм нәтийжели жумысын жолға қойыў мақсетинде қарар етемен:

I. Мақсетлер.

1. Төмендегилер усы Пәрманның тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:

(а) неке жасына жетпеген шахс пенен ҳақыйқый неке қатнасықларына кириў жағдайларының алдын алыў (ерте некелер), ата-аналардың өзлериниң ержетпеген перзентлери ушын жуўапкершилигин және де арттырыў;

(б) қаржылай еркинликке ерискен ҳәм шаңарақ дүзиўге ҳәр тәреплеме таяр болған жаслар арасында неке дүзиўди хошаметлеў;

(в) Ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў системасын жетилистириў арқалы олардың санын кескин қысқартыў, сондай-ақ, бундай жағдайларға дус келген шахсларды қоллап-қуўатлаў системасын енгизиў;

(г) шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар орайлары жанындағы "Турмыслық зорлықларсыз бахытлы шаңарақлық турмысқа таярлаў" арнаўлы курсларында некеден өтиўшилерди бийпул оқытыў менен қамтып алыў дәрежесин 2026-жылы 50 процентке, 2027-жылы 60 процентке ҳәм 2030-жылға шекем 100 процентке жеткериў, сондай-ақ, бул курслардың сапасы ҳәм нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў.

II. Неке қатнасықларына ерте кириў жағдайларының алдын алыў.

2. Кең жәмийетшиликтиң басламасы ҳәм халықаралық шөлкемлердиң усыныслары тийкарында таярланған некеден өтиў жасын азайтыўдың анық тийкарларын белгилеў ҳаққындағы усыныс мақуллансын.

3. Жаслардың өмир жолын саналы түрде таңлаўына жәрдемлесиў, сондай-ақ, неке шәртнамаларын дүзиўди хошаметлеў мақсетинде:

(а) 2027-жылдан баслап биринши мәрте некеден өткен жас шаңарақлардың еки тәрепи де кеминде 21 жасқа толғанынан кейин:

(i) мәмлекет тәрепинен қосымша жеңилликлер ҳәм басқа да қоллап-қуўатлаў илажлары бериледи;

(ii) бул шаңарақларды Социаллық реестрге киргизиўде шаңарақ ағзаларын қоллап-қуўатлаў, олардың жумысын раўажландырыў, дәраматларын көбейтиў ямаса қыйын турмыслық жағдайдан шығыў ушын берилетуғын финанслық жәрдем (субсидиялар, ссудалар, грантлар) нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарларға салыстырғанда 1,5 есеге көбейтилген муғдарда бериледи;

(б) неке шәртнамасын дүзген некелениўши шахсларға некени дизимнен өткергени ушын мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиў тәртиби қолланылады.

4. 2026/2027-оқыў жылынан баслап ҳәмиледар ямаса 3 жасқа шекемги баланы тәрбиялап атырған студентлерге жоқары билим алыўға "екинши имканият" бериў мақсетинде:

(а) академиялық айырмашылықты қайта өзлестириў шәрти менен курста қалдырылған ямаса оқыўдан шетлестирилген шахсларға, айрықша тәризде, оқыўды даўам еттириў имканиятын жаратыў;

(б) академиялық парықты өз бетинше өзлестириў ушын қосымша мүддет бериў ҳәм зәрүр шараятларды жаратыў.

5. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин:

(а) ҳәмиледар студент қызлар ямаса 3 жасқа шекемги баланы тәрбиялап атырған студентлерге академиялық дем алыс дәўиринде өз қәлеўи бойынша аралықтан оқыўды даўам еттириў имканиятын бериў;

(б) кадрлар таярлаў бойынша бағдарлар ҳәм аралықтан оқытыў бойынша қабыллаў квоталарын көбейтиў арқалы ҳәмиледар студентлер ямаса 3 жасқа шекемги баланы тәрбиялап атырған студентлердиң билим алыўын даўам еттириў ушын қосымша шараятлар жаратыў;

(в) академик дем алысқа шыққан, курста қалдырылған ямаса оқыўдан шетлестирилген ҳәмиледар студентлер ямаса 3 жасқа шекемги баланы тәрбиялап атырған студентлер бойынша өз алдына статистика жүргизиў.

6. Әдиллик министрлиги, Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили ҳәм Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң жас өспиримлер менен некеге дүзиўге шақырыў (мәжбүрлеў), сондай-ақ, бундай некелерди үгит-нәсиятлағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

7. 2026-жыл 1-сентябрьден баслап неке жасы ҳаққындағы нызамшылықты ямаса некени дүзиў тәртибин бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын өндирилген жәрийма суммасының 15 проценти усындай жағдайлар ҳаққында хабар берген шахсларды хошаметлеўге қаратылатуғыны белгиленсин.

III. Ўәкилликли уйымлар ҳәм шөлкемлердиң муўапықластырылған жумысын шөлкемлестириў, уйымлараралық бирге ислесиўди тәмийинлеў;

8. Неке жасы ямаса некени дүзиў тәртиби ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўының латентлилигиниң алдын алыў, қылмыс ушын жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеў ҳәм усындай жағдайға түсип қалған жас өспиримлерди қоллап-қуўатлаў бойынша уйымлараралық шынжырды жаратыў мақсетинде сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

(а) 16 жасқа шекем ерте некелер ҳәм ҳәмиледарлық жағдайлары ҳаққында ишки ислер уйымлары ҳәм "Инсан" социаллық хызметлер орайларын хабардар етиў миннетлемеси пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ПҲАЖ, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, сондай-ақ, диний шөлкемлердиң ўәкиллерине жүкленеди;

(б) пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ПҲАЖ, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, сондай-ақ, диний шөлкемлердиң ўәкиллери тәрепинен 16 жасқа толмаған жасларда ерте некелер ҳәм ҳәмиледарлық жағдайлары ҳаққында ишки ислер уйымлары ҳәм "Инсан" социаллық хызметлер орайларына хабар бермеўи оларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар сыпатында белгиленеди;

(в) өзлерине байланыслы ерте некелер ҳәм 16 жасқа шекемги ҳәмиледарлық ҳаққындағы мағлыўматлар анықланған ҳаяллар ҳаққындағы мағлыўматлардың жекелигин тәмийинлеў ҳәм оларды қорғаў кепилликлери нәзерде тутылады.

9. Ишки ислер министрлиги Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Санлы технологиялар министрлиги, Бас прокуратура, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

(а) 2026-жылдың ақырына шекем Ишки ислер министрлигиниң жынаят ҳәм ҳәдийселерди есапқа алыў электрон системасында 16 жасқа шекем ерте некелер ҳәм ҳәмиледарлық пенен байланыслы жағдайлар ҳаққында хабардар етиў имканиятын беретуғын «O‘smir-signal» модулин ислеп шықсын;

(б) пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ПҲАЖ, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, диний шөлкемлер, басқа да мәпдар уйымлардың мәлимлеме системалары, сондай-ақ, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасы "Электрон ҳүкимет" системасының уйымлараралық интеграция платформасы арқалы Ишки ислер министрлигиниң жынаятлар ҳәм ҳәдийселерди есапқа алыў электрон системасы менен интеграцияланыўын тәмийинлесин.

10. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте 16 жасқа шекемги жасларда ерте некелениў ҳәм ҳәмиледарлық жағдайлары бойынша ишки ислер уйымлары ҳәм "Инсан" социаллық хызметлер орайларын хабардар етиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.

11. Ишки ислер министрлиги ҳәм Бас прокуратура Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили, сондай-ақ, 16 жасқа шекемги жасларда ерте некелениў ҳәм ҳәмиледарлық жағдайлары ҳаққында хабар бериў миннетлемеси жүкленген шөлкемлер менен келисилген ҳалда ҳәр ярым жыллық жуўмақлары бойынша усы мәселе бойынша уйымлараралық қоспа улыўмаластырыў өткериў ҳәм бундай жағдайлардың алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етиў әмелиятын енгизсин.

IV. Қыйнаў ҳәм зорлық жағдайларына қарсы гүресиў.

12. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2026-жыл 1-апрельден баслап қорғаў ордерин алған жәбирленген ҳаял-қызлардың байланыс қуралларына (телефон, планшет ҳәм басқа да қурылмалар) олардың разылығы менен Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң зорлық ҳәм зорлық жағдайлары ҳаққында дәрҳал хабар бериў имканиятын беретуғын «my.ihma.uz» мобил қосымшасы («SOS» шақырыўы) орнатылады.

13. Ишки ислер министрлиги Бас прокуратура ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте зорлық ислеген шахстың руўхый жағдайы бузылған деп болжаўға тийкар болған жағдайда ишки ислер уйымлары тәрепинен мәжбүрий амбулаториялық психиатриялық тексериўден өткерилиўин, руўхый жағдайы бузылғаны анықланған жағдайда болса, белгиленген тәртипте медициналық мәкемеге жайластырылыўын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын киргизсин.

14. Бас прокуратура, Жоқарғы суд, Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң 2026-жыл 1-ноябрьден баслап нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў арқалы төмендеги тәртиплерди белгилеў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин:

(а) Жынаят кодексиниң 118-статьясы (зорлаў), 119-статьясы (жынсый қәлеўди зорлық пенен тәбийғый емес түрде қанаатландырыў), 121-статьясы (жынысый байланысқа мәжбүрлеў), 128-статьясы (он алты жасқа толмаған шахс пенен жынысый байланыс), 1281-статьясы (он алты жастан он сегиз жасқа шекемги болған шахс пенен материаллық байлықлар бериў ямаса мүлклик ямаса басқа да пайда алыў жолы менен жынысый байланысқа кирисиў), 129-статьясы (он алты жасқа толмаған шахсқа байланыслы бузық ҳәрекетлер) да нәзерде тутылған жынаятлар бойынша тек ғана прокуратура уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәм дәслепки тергеўди әмелге асырыў;

(б) прокурор тәрепинен қылмыста жынаят белгилери жоқлығы ҳаққында қарар қабыл етилгеннен кейин жас өспиримге жынайый зорлық етиў менен байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис материалларын судқа жибериў.

15. Кең жәмийетшилик, экспертлер ҳәм белсендилердиң жынаят-атқарыў нызамшылығын жетилистириўге қаратылған төмендеги усыныслары мақуллансын:

(а) Жынаят кодексиниң 118 ҳәм 119-статьяларында нәзерде тутылған жас өспиримлерге қарата жынаятлар ислегени ушын судланған шахсларды мәкан-колонияларға өткерилмейтуғын судланғанлар категориясына киргизиў;

(б) усы бәнттиң "а" киши бәнтинде нәзерде тутылған жынаятлар ушын жазаны өтеп атырған судланғанларды психологиялық дүзетиў бағдарламасынан өтпестен турып, олардың жағдайын жақсылаў әмелиятын тоқтатыў.

16. 2027-жыл 1-январьдан баслап ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық етиў менен байланыслы жынаятларды тергеў ҳәм көрип шығыў, әдетте, арнаўлы таярлықтан өткен тергеўши ҳәм судьялар тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

17. Бас прокуратура, Судьялар жоқары кеңеси, Жоқарғы суд ҳәм Ишки ислер министрлиги:

(а) 2026-жылдың ақырына шекем ҳәр бир аймақтағы жумыслардың көлеминен келип шығып, кеминде бир тергеўши ҳәм бир судьяның халықаралық стандартларға тийкарланған бағдарлама бойынша арнаўлы таярлықтан өтиўин, сондай-ақ, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлыққа байланыслы жумыслардың тергеў ҳәм көрип шығылыўын тәмийинлесин. Бунда арнаўлы таярлыққа жибериўде, әдетте, ҳаял-қызлардан таярланған тергеўши ҳәм судьяларға үстинлик бериў;

(б) 2026-жыл 1-сентябрьден Ҳуқық қорғаў академиясы, Ишки ислер министрлиги академиясы ҳәм Әдиллик академиясында халықаралық ҳәм миллий экспертлерди тартқан ҳалда тергеўшилер ҳәм судьялар ушын "Жынаятлардан жәбирленген ҳаял-қызлар ҳәм балалар менен ислесиўдиң процессуал тәреплери" арнаўлы оқыў бағдарламасы шөлкемлестирилсин.

18. Ишки ислер министрлиги Бас прокуратура, Жоқарғы суд, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мәпетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын киргизсин:

(а) Жынаят кодексинде жас өспиримлердиң жынысый еркинлигине қарсы жынаятлары, олар менен жынысый байланысқа кирискени ҳәм бузық ҳәрекетлер ислегени ушын алдын судланған шахсларға тийислисинше өмирлик еркинен айырыў ҳәм узақ мүддетке еркинен айырыў жазасын белгилеў, егер олар төмендеги жынаятларды ислеген болса:

(i) он төрт жасқа толмаған шахстың зорланыўы;

(ii) он төрт жасқа толмаған шахсқа қарата жынсый мүтәжликти тәбийий емес формада зорлық пенен қанаатландырыў;

(б) он алты жасқа толмаған шахсқа қарата бир топар шахслар тәрепинен бузық ҳәрекетлер ислегени ушын қатаң жуўапкершиликти белгилеў, сондай-ақ, Жынаят кодексиниң 129-статьясы диспозициясына тергеў ҳәм суд әмелиятынан келип шығып анықлық киргизиў;

(в) Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте жынысый зорлық ҳәм неке жасы ҳаққындағы нызамшылықты ямаса некени дүзиў тәртибин бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын санкцияларды күшейтиў, сондай-ақ, жынаят исин қозғатыў бийкар етилген, бирақ ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық белгилери болған жағдайларда жуўапкершиликке тартыў тәртибин жетилистириў.

19. Қыйнаў ҳәм зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў системасын жетилистириў мақсетинде үш ай мүддетте төмендеги мәселелер бойынша тийкарланған усыныслар киргизилсин:

(а) Әдиллик министрлиги Бас прокуратура, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Ишки ислер министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, сондай-ақ, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) менен биргеликте - ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаў тараўындағы халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында ҳаял-қызларды жынысы бойынша қастан өлтириў (фемицид), шаңарақ ағзаларын қастан өлтириў (фамилицид), шахсты оның еркине қарсы нызамға қайшы түрде қуўдалаў (сталкинг), Интернет ямаса социаллық тармақларда жүз берген зорлық-зомбылық (кибер зорлық-зомбылық), жас өспиримлерден жынысый пайдаланыў ҳәм оларды жынысый пайдаланыў мақсетинде Интернет арқалы жас өспирим менен исенимли қатнасықлар орнатыў;

(б) Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Ишки ислер министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги - зорлық ислеген шахслар (агрессорлар) менен ислесиў системасын жетилистириў, соның ишинде, бул процессте шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар орайларының имканиятларынан пайдаланыўды кеңейтиў.

V. Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў.

20. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайы, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте креатив индустрия қәнигелери, блогерлер ҳәм инфлюенсерлерди тартқан ҳалда усы Пәрманның мазмун-мәнисин, соның ишинде, шаңарақ институтын беккемлеў ҳәм турмыслық зорлықтың алдын алыў мәселелерин түсиндириў бойынша медиа өнимлер таярлаў бойынша илажлар режесин тастыйықласын.

21. Судьялар жоқары кеңеси ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының төмендегилерди нәзерде тутатуғын реже-графикти еки ҳәпте мүддетте тастыйықлаў ҳәм әмелге асырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:

(а) ҳәр бир ўәлаят кесиминде шаңарақлық (турмыслық) зорлық ҳәм оның алдын алыўға қаратылған илажлар мәселелери бойынша "мәҳәлле жетилиги" қатнасыўында оқыў семинарларын өткериў;

(б) улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлеринде суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары ветеранларының ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларын тәмийинлеў, жәмийетте олардың ролин арттырыў мәселелери бойынша жаслар менен ушырасыўларын өткериў.

22. Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў және оларға болған кемситиў ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў бойынша "Жол картасы" қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

23. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Б.Маҳкамова, Бас прокурор Н.Т.Йўлдошев ҳәм ишки ислер министри А.А.Ташпулатов белгиленсин.

24. Усы Пәрманның орынланыўын додалаў, орынланыўына жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының суд системасын реформалаў бойынша орынбасары Н.Ж.Хакимоваға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев