Өзбекстан Республикасы ҳәм Америка Қурама Штатлары арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў, узақ мүддетли бирге ислесиў перспективаларын, сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў, Орайлық Азияда тынышлық, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда, Жаңа Өзбекстанның глобаллық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе басламаларын халықаралық көлемде алға қойыўға қосқан үлкен жеке үлеси, еки мәмлекет халықлары арасында өз-ара исеним ҳәм дослық байланысларын беккемлеў жолындағы айрықша хызметлери ушын Америка Қурама Штатлары Мәмлекетлик хаткери Марко Рубио Өзбекстан Республикасының “Буюк хизматлари учун” ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев