Усы мүнәсибет пенен жанылғы-энергетика системасының суўық ҳаўа-райы шараятында турақлы ислеўин тәмийинлеў мақсетинде тийисли илажлар әмелге асырылмақта, деп хабар бермекте Энергетика министрлиги.

Атап өтилиўинше, электр, ыссылық ҳәм газ тармақларында қосымша техникалық тексериўлер өткерилип, өндирис ҳәм жеткерип бериў қуўатлықлары ҳәзирги ҳаўа-райы шараятына бейимлестирилди.

Жуўапкер хызметлер күшейтилген тәртипте, 24/7 режиминде жумыс алып бармақта.

Суўық күнлерде энергия ресурсларына болған талаптың артыўы себепли айырым аймақларда ўақтынша техникалық шеклеўлер бақланыўы мүмкин. Бундай жағдайларда халық ҳәм социаллық объектлерди турақлы тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген.

Тутыныўшылардан электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден ақылға уғрас пайдаланыў, ысытыў үскенелеринен үнемли пайдаланыў соралады. Турақ жайларда ыссылықты сақлаў арқалы энергия үнемленеди және бөлме ишинде қолайлы температура тәмийинленеди.

Сондай-ақ, ысытыў үскенелерин қараўсыз қалдырмаў, олардан пайдаланыў ўақтында бөлмени самаллатып турыў, моры ҳәм вентиляция системаларының ислеў жағдайын турақлы түрде тексерип барыў керек.

Гәзден зәҳәрлениўдиң алдын алыў мақсетинде жабық ханаларда ашық жалын ямаса насаз ысытыў қурылмаларынан пайдаланбаў, имканияты болса, ийис газин анықлаўшы үскенелерден пайдаланыў усыныс етиледи.

Электр ҳәм газ тәмийнаты менен байланыслы сораў, мүрәжат ҳәм усыныслар бойынша төмендеги байланыс номерлерине мүрәжат етиў мүмкин:

Электр тәмийнаты бойынша: 1154

Газ тәмийнаты бойынша: 1104 ҳәм 104