Бул ҳаққында ҒХҚ ушын контент таярлаў орайында өткерилген брифингте Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги басқарма баслығы Азиза Назарова мәлим етти.

Екинши басқыш шеңберинде улыўма баҳасы 625 миллион АҚШ доллары болған тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан 5 заманагөй завод қурылмақта.

Жойбарлар Қытайдың «Beijing China Sciences Runyu Environmental Technology», «Wangneng Environment», «Henan Investment Group» ҳәм Корея Республикасының «Green Hammer» компаниялары менен биргеликте әмелге асырылады.

Жаңа заводлар Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Жиззақ, Наўайы, Сырдәрья, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларын қамтып алады.

Жойбарлар толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, ҳәр жылы:

1,9 млн тонна қатты турмыслық шығынды термикалық қайта исленеди;

635 млн кВт/саат электр энергиясы ислеп шығарылады;

158 млн куб метр тәбийғый газ үнемленеди;

ыссыхана газлери шығындылары 316 мың тоннаға шекем қысқартылады;

500 жаңа жумыс орны жаратылады.

Мағлыўмат орнында, жойбарлардың биринши басқышында Қытайдың «China CAMC Engineering», «Shanghai SUS Environment» ҳәм «China Everbright International Limited» компаниялары тәрепинен жәми 933 миллион АҚШ доллары муғдарындағы тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан 6 завод қурылысы басланған.

Биринши басқыш жойбарлары Наманган, Ферғана, Қашқадәрья, Самарқанд, Әндижан ҳәм Ташкент ўәлаятлары және Ташкент қаласын қамтып алады.

Усы тәризде, еки басқыш шеңберинде улыўма баҳасы 1 миллиард 558 миллион АҚШ доллары болған 11 инвестициялық жойбар арқалы республика аймақларында шығындыдан электр энергиясын ислеп шығарыўдың бир пүтин системасы жаратылады.

Барлық заводларды 2027-2028-жылларда басқышпа-басқыш иске қосыў режелестирилген.

Жойбарлар толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, республикада жылына жәми:

5,4 млн тонна қатты турмыслық шығынды термикалық қайта исленеди;

2,2 млрд кВт/саат электр энергиясы ислеп шығарылады;

1 500 жаңа жумыс орны жаратылады.

Электр энергиясын сатып алыў ҳәм қатты турмыслық шығындыларды жеткерип бериў бойынша келисимлерге муўапық, заводларда ислеп шығарылатуғын электр энергиясы 30 жыл даўамында "Өзэнергосатыў" АЖ тәрепинен кепилликли түрде сатып алынады.

Заводларда шығындыларды жағыў процесинде пайда болатуғын зыянлы элементлердиң атмосфераға тарқалыўын шеклеўге хызмет ететуғын заманагөй технологиялар енгизиледи. Бул аймақлардағы экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм шығындыларды полигонларға жайластырыў көлемин азайтыўға хызмет етеди.

Қәнигелердиң атап өткениндей, бул жойбарлар шығындыларды тек ғана жоқ етиў емес, ал оларды альтернатив энергия ҳәм экономикалық ресурсқа айландырыўға тийкарланған жаңа системаны қәлиплестириўге қаратылған.