Айырым кәсиплик аўқамларының бөлимшелерин есапқа қойыў тәртиби белгиленди

    11 ақпан 2025 384

    Ҳүкимет қарары (72-сан, 10.02.2025 ж.) менен "Юридикалық шахс статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамларының бөлимлерин ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин есапқа қойыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.

    Реже юридикалық шахс статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамларының бөлимлерин ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин есапқа қойыў тәртибин белгилейди.

    Юридикалық шахс статусына ийе болған кәсиплик аўқамларының бөлимлери айрықша нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериледи.

    Бөлимше ҳәм басланғыш шөлкемди есапқа қойыў бойынша мәмлекетлик хызмет Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң электрон платформасы ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы көрсетиледи.

    Бөлимшени ҳәм басланғыш шөлкемди есапқа қойыў ушын жыйым өндирилмейди.

    Бөлимше ямаса басланғыш шөлкемди есапқа қойыў ҳаққындағы сораўнама дизимнен өткериўши уйымға келип түскен күннен баслап 10 жумыс күни ишинде көрип шығылады.

    Сораўнаманы көрип шығыў нәтийжелери бойынша дизимнен өткериўши уйым тәрепинен бөлимшени ямаса басланғыш шөлкемди есапқа қойыў ямаса есапқа қойыўды бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етиледи.

    Дизимнен өткериўши орган тәрепинен есапқа қойылған бөлимлер ҳәм басланғиш шөлкемлер реестри жүргизиледи.