Айырым техника қуралларының қәўипсизлигине қойылатуғын талаплар белгиленди

    13 қаңтар 2025 235

    Ҳүкимет қарары (10-санлы, 11.01.2024-ж.) менен "Айланысқа шығарылып атырған аўыл ҳәм тоғай хожалығы транспорт қураллары ҳәм машиналарының қәўипсизлиги ҳаққында"ғы техникалық регламент тастыйықланды.

    Техникалық регламент төмендегилерди нәзерде тутады:

    айланысқа шығарылып атырған аўыл ҳәм тоғай хожалығы транспорт қураллары ҳәм машиналарына қойылатуғын қәўипсизлик талапларын;

    техника қуралларын идентификациялаў қағыйдалары, техника қуралларының регламент талапларына муўапықлығын баҳалаў ҳәм тастыйықлаўды;

    техника қуралларын айланысқа шығарыў қағыйдалары ҳәм де муўапықлық белгиси менен тамғалаўды;

    регламент талапларына әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды орнатыўды.

    Регламент төмендеги техника қуралларына қолланылады:

    тракторлар (Т ҳәм С категориялары);

    тиркемелер (R категория);

    алмастырылатуғын тиркемелер (S категория);

    өзи жүретуғын, илдириўши, ярым илдириўши, тиркемли ҳәм орнатылатуғын машиналар;

    бағшылық-жүзимгершилик, палызгершилик, овош жетистириў, картошка жетистириў, мийўе ҳәм дәрилик өсимлик жетистириў ҳәм тоғайшылықта қолланылатуғын механизацияланған киши механизациялаў қураллары, соның ишинде, мотокультиватор, мото орыў қуралы ҳәм электрлестирилген механизациялаў қураллары ҳәм басқалар;

    шарўашылық, қусшылық, балықшылық, пал ҳәррешилик, пиллешилик өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм азық-аўқат таярлаў процесинде қолланылатуғын машиналар;

    туқымларды, ғәллени яки собықлы овошларды тазалаў, таңлап алыў яки калибрлеў ушын машиналар.

    Техникалық регламент улыўма талаплар, соның ишинде, басқа техникалық регламентлер менен тәртипке салынатуғын техника қуралларын ислеп шығарыў, сатыў ҳәм жоқ етиў процесслерине қолланылмайды.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates