Мақсет - сырт елли стартап жойбарлар ҳәм олардың тийкарын салыўшыларды Өзбекстанға кеңнен тартыў арқалы инновацияларды әмелиятқа енгизиў, технологиялар трансферин жеделлестириў ҳәм республиканы регионның "стартап-хаб"ына айландырыў.

Улыўма сыйлық қоры 5 миллион доллар болған санлы технологиялар тараўындағы "Стартаплар мәмлекети" таңлаўы 2027-жыл апрель айынан баслап өткериледи.

Ҳүжжет пенен "Стартаплар мәмлекети" халықаралық таңлаўын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже, сондай-ақ, тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат шөлкемлестириў комитетиниң қурамы тастыйықланды:

"Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки дирекциясы" ЖШЖ тәрепинен усынылған таңлаў ҳәм баҳалаў нормаларын тастыйықлаў ҳәм олардың арнаўлы таңлаў порталында жәрияланыўын тәмийинлеў;

таңлаўдың ашық-айдын, ҳадал ҳәм әдил өткерилиўин тәмийинлеў және жеңимпазларды сыйлықлаў мәресимин шөлкемлестириў;

жеңимпазлардың стартап жойбарларын социаллық-санаат секторында әмелге асырыўға, сондай-ақ, сырт ел базарларына шығыўға жәрдемлесиў.

Таңлаў 5 бағдар бойынша өткериледи:

- Жасалма интеллект технологиялары – ЖИ технологиялары тийкарында түрли тармақлар ушын шешимлер;

Социаллық тараўдағы санлы технологиялар – билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардағы операциялық процесслерди санластырыўға қаратылған жойбарлар;

Финанслық технологиялар – электрон коммерция, корпоратив шешимлер ҳәм финанслық технологияларды жаратыўға қаратылған жойбарлар;

Креатив индустрия ҳәм компьютер ҳәм мобиль ойынлар ушын бағдарламалар;

В2В ҳәм санаат ушын шешимлер – санаат тармақлары ушын мөлшерленген, бир ўақыттың өзинде илимий изертлеў нәтийжелерине тийкарланған инновациялық жоқары технологиялық шешимлер.

Таңлаў жеңимпазларына шәртнама ҳәм келисим шәртлеринде белгиленген ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлеринен келип шыққан ҳалда венчур қаржылары ажыратылады.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 30.10.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».