Бүгинги күнде спорт тараўына итибар, заманагөй спорт объектлери, маман тренерлердиң жумысы, жас талантлыларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған системалы жумыслар көплеген жигит-қызлардың үлкен спортқа кирип келиўине хызмет етпекте. Мен де мине усы имканиятлардан нәтийжели пайдаланған жаслар қатарындаман. Әсиресе, Қарақалпақстанда спортты раўажландырыў, жасларды саламат турмыс тәризине тартыў, қызлардың спорт пенен шуғылланыўына жәрдемлесиў жолындағы жумыслар жаңа әўлад спортшыларының камалға келиўине беккем тийкар жаратпақта. Халықаралық майданларда елимиздиң абырайын қорғап атырған көплеген спортшылар қатарында мен де жаратылған шараят ҳәм берилген исенимниң нәтийжесин өз жумысым мысалында терең сеземен.
2013-жылы еркин гүрес бойынша Өзбекстан сайланды командасы қатарына қабылландым. Бул мен ушын үлкен исеним ҳәм соның менен бирге үлкен жуўапкершилик еди. Енди мен тек өзим емес, ал пүткил мәмлекетимиз атынан гилемге шықтым. Усы дәўирден баслап халықаралық жарысларға жол ашылды. Алдымызда болса өз күшимди жәҳән көлеминдеги абырайлы беллесиўлерде сынақтан өткериў, Өзбекстан байрағын халықаралық ареналарда мүнәсип қорғаўдай жуўапкершиликли ўазыйпалар күтип турған еди. Мине, усы жарыслар спортшылық искерлигимниң кейинги, және де әҳмийетли басқышы болды.
Халықаралық майдандағы дәслепки жетискенликлерим 2014-жылға туўра келеди. Сол жылы Таиландтың Чонбури қаласында өткерилген еркин гүрес бойынша Азия чемпионатында 3-орынды ийеледим. Сондай-ақ, 2015-жылы Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында өткерилген Азия чемпионатында да сыйлы орынға миясар болдым. Ең әҳмийетлиси, бул жетискенликлер және де үлкен мақсетлерге қарай умтылыўым ушын күш ҳәм хошамет берди.
Кейинги жыллары тренерлеримниң сабақлары ҳәм шынығыўларда арттырған тәжирийбем нәтийжелерде сәўлелене баслады. 2016-жылы Қазақстанның Шымкент қаласында өткерилген халықаралық жарыста 1-орынды ийелеў несип етти. Бул жеңис жумысымдағы әҳмийетли басқышлардан бири болды. Сол жылы Филиппинниң Манила қаласында өткен Азия чемпионатында, Тайванның Тайчунг қаласындағы Азия чемпионатында да 3-орынды қолға киргиздим.
Буннан тысқары, жумысымдағы әҳмийетли жетискенликлерден бири сыпатында 2011-2018-жыллар даўамында еркин гүрес бойынша он мәрте Өзбекстан чемпионы болғанымды айрықша атап өтиўим мүмкин.
Жыллар даўамында халықаралық майданларда арттырған тәжирийбем мени және де үлкен жарысларға жетекледи. Жумысымдағы ең есте қаларлық жарыслардан бири 2023-жылы Қытайдың Гуанчжоу қаласында өткерилген 19-Азия ойынлары болды. Бул абырайлы жарыста 3-орынды ийелеўим мен ушын умытылмас ўақыя болды. Алдымызда болса ҳәр бир спортшы әрман ететуғын ең ири жарыс - Олимпиада ойынлары турар еди. Бул жолдың қаншелли қыйын екенлигин жақсы билер едим. Олимпиада жолламасын қолға киргизиў ушын тек ғана шеберлик емес, ал беккем ерк-ықрар, руўхый турақлылық ҳәм өз күшине болған исеним де зәрүр еди.
2024-жылы Қырғызстанның Бишкек қаласында Олимпиада ойынларына жоллама бериўши жарыс болып өтти. Мине, усы беллесиўлерде Өзбекстан тарийхында ҳаял-қызлар гүреси бойынша дәслепки Олимпиада жолламасын қолға киргизиўге еристим. Усылайынша Парижде болып өткен Олимпиада ойынларының қатнасыўшысына айландым. Ҳәр бир спортшы ушын Олимпиада майданына шығыў үлкен мақтаныш есапланады. Мен де бул имканиятты ўатаным атынан халықаралық спорт тарийхының ең абырайлы сахнасында қатнасыў бахты сыпатында қабыл еттим. Алдында болса жаңа мақсетлер, сынақлар көп. Сол себепли бүгинги жетискенликлер менен шекленип қалмастан, өзим үстинде ислеўди даўам еттирип, елимиздиң даңқын дүньяға танытыў жолында бар күш ҳәм имканиятларымды жумсаўға умтыламан.
Мен ушын спорт өзим туўылып өскен елге болған ҳүрметти әмелде көрсетиў имканияты болып табылады. Қарақалпақстанның алыс аймақларында спортқа қызығып, үлкен арзыўлар менен жасап атырған қызлар барлығын билемен. Мүмкин олардан биреўи бүгин биринши шынығыўына қатнасып атырған шығар, биреўи биринши жарысына таярлық көрип атырған шығар. Жыллар өтип, олардың арасынан жаңа чемпионлар жетисип шығатуғынына исенемен. Бул ушын бүгин ҳәр қашанғыдан да көбирек имканиятлар бар. Мен болса оларға илҳам ҳәм исеним берип, ҳақыйқый үлги болыўым керек ҳәм усы жолда тынымсыз ҳәрекет етпектемен.
Айтқанымдай, еле мақсетлерим көп. Мақсет пенен жасайтуғын инсан болса жаңа шеклерге қарай ҳәрекет етиўде даўам ете береди. Мен де әне усы ҳәрекеттен күш алып, Өзбекстан байрағын дүнья ареналарында бәрқулла бәлент көтериў, ана халқымыздың биз, жасларға исенимин ақлаў жолында умтылыўдан тоқтамайман. Себеби елдиң аты жаңлаған гезлерде спортшының жеке қуўанышы артыңызда турған уллы бир халықтың мақтаныш сезими менен араласып кетеди. Мине усындай мәўритлер болса ҳәр қандай сыйлықтан да қәдирли.
Ақтенге КЕУНИМЖАЕВА,
еркин гүрес бойынша халықаралық спорт устасы,
еркин гүрес бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы