Бажыхана: Коррупцияға байланыслы жынаятқа араласып қалмайық!

    27 сәуір 2025 74

    Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының “Даўыт-ата” шегара бажыхана постында өткерилиўи дәстүрге айланған «Пийшемби – ҳуқықбузарлықларға қарсы профилактика күни» – коррупция иллетине қарсы гезектеги профилактикалық илажлары алып барылды.

    Хызметкерлер тәрепинен пост арқалы ҳәрекетленип атырған жүк автотранспорт қуралларының айдаўшыларына бажыхана шегаралары арқалы товар-материаллық байлықларды алып өтиў нормалары ҳәм дәўирлилиги бойынша кең түрде түсиник жумыслары әмелге асырылды.

    Бажысыз алып өтиў нормаларынан аўысқан товарларға өндирилетуғын бажыхана төлемлериниң түрлери ҳәм ставкалары бойынша да мағлыўматлар берилди. Белгили бир ҳақы есабынан товарларды бажыхана шегаралары арқалы нызамсыз түрде алып өтиўге урыныў жағдайлары “коррупция”ның көриниси болып, бул ҳәрекет жынайый жуўапкершиликке тартылыўы бойынша ескертилди.

    уқараларға бундай жағдайлар жүз берсе, 11-08 ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының +99861 224-90-86 исеним телефон номерлерине қоңыраў етип, хабар бериўи соралды.

    Қарақалпақстан хабар агентлшиги.