Усы сәне мүнәсибети менен Әмиўдәрья районында исбилермен Дилдора Хайтбаева тәрепинен қайырқомлық илажы шөлкемлестирилди.
Илаж шеңберинде Майыплар жәмийетиниң районлық бөлими тәрепинен имканияты шекленген 40 тан аслам 7-17 жас аралығындағы майыплығы болған балалар қатнасты ҳәм олардың арасында “Гөззал реңлер жылўасы” атамасында сүўрет салыў бойынша жарыс өткерилди.
Қайырқомлық илажына Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы Қарақалпақстан кеңесиниң баслығы Улуғбек Жалменов қатнасып, балаларды байрам менен қызғын қутлықлады.
Майыплығы болған балаларды қоллап-қуўатлаў, оларға жақсы кейпият бағышлаў мақсетинде шөлкемлестирилген байрам илажында балаларға саўғалар тапсырылып, мәдений кеўилашар бағдарламалар көрсетилди.
Қәўендерлик илажында районлық Мәденият бөлиминиң көркем өнер хызметкерлери қатнасыўында концерт бағдаламасы қойып берилди. Сондай-ақ, 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшыларының атқарыўындағы бийтәкирар шығыўлар ҳәммеге жоқары байрам кейпиятын бағышлады.
Балаларға ҳәр қыйлы тағамларға, мазалы затларға толы дастурхан жайылды. Исбилермен Дилдора Хайтбаева тәрепинен 3 балаға велосипедлер саўға етилди.
Илажда шығып сөйлеген район ҳәкиминиң орынбасарлары, бөлим басшылары исбилерменниң бул ийгиликли басламасы жәмийетимизде мийрим-шәпәәт, адамгершилик ҳәм қайыр-сақаўат қәдириятларын және де беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.








