Сонлықтан, онкологияда болғаны сыяқлы балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша да бес жыллық бағдарлама қабыл етилиўи, оған кеминде 110 миллион доллар қаржы қаратылыўы нәзерде тутылмақта.
Бағдарламадан мақсет - балалар рак кеселлигин ерте басқышта анықлаў үлесин 65 процент, онкологиялық ҳәм онкогематологиялық кеселликлерге шатылған балалардың бир жыллық өмир сүриў дәрежесин 34 проценттен 90 процентке шекем, бес жыллық өмир сүриў дәрежесин болса кеминде 60 процентке шекем арттырыў. Рак кеселлигине шалынған балаларды 100 процент қәнигелестирилген медициналық жәрдем менен қамтып алыў, онкогематологиялық кеселликлерге диагноз қойыў мүддетин 4 күнге шекем ҳәм онкологиялық кеселликлерге диагноз қойыў мүддетин 10 күнге шекем қысқартыў, онкологиялық ҳәм онкогематологиялық кеселликлерди емлеўди 10 күннен 20 күнге шекемги мүддетте баслаў нәзерде тутылып атыр. Денсаўлықты сақлаўдың басланғыш буўынында балалар рак кеселлигиниң белгилери анықлаў ушын шараят жаратыў, кадрлар потенциалын арттырыў, тийкарғы түрде аймақлардағы медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, балалар рак кеселлигине қарсы гүресиўдиң барлық буўынында бизнес процесин санластырыў ўазыйпалары да бағдарламадан орын алған.
Балалар онкогематология орайы жанында балалар раги бойынша академиялық хаб шөлкемлестирилип, сырт елден тәжирийбели қәнигелер алып келинетуғыны атап өтилди.
Биз рак кеселлигин ерте басқышта анықлаўымыз ушын қәнигелер менен толық тәмийинленген болыўымыз ҳәм басқа да тар қәнигеликтеги қәнигелер, шаңарақлық шыпакерлерди кеселликти ерте анықлаўға тартыўымыз керек. Европаның жетекши университетлериниң клиникаларының жәрдеминде шөлкемлестирилетуғын "академиялық хаб" Орайлық Азияда бирден-бир болады. Онда регионымыздағы шыпакерлер балалар рак кеселликлерин ерте анықлаў ҳәм емлеў бойынша халықаралық стандартлар тийкарында оқытылады.
Халықаралық сертификатлаў ҳәм үзликсиз медициналық билимлендириў системасы бойынша балл топлаў стандартларына сәйкес келетуғын халықаралық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў арқалы балалар онкологиясы, гематологиясы ҳәм иммунологиясы хызмети ушын маман медициналық ҳәм пәнлераралық илимий кадрларды, атап айтқанда, балалар онкогематологларын таярлаў жаңа хабтың тийкарғы жумысы болып есапланады. Сондай-ақ, бул балаларда онкологиялық ҳәм онкогематологиялық кеселликлерди ерте анықлаў, диагнозлаў ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын ислеп шығыў ҳәм енгизиўге қаратылған тараўда алдынғы клиникалық ҳәм әмелий изертлеўлерди енгизиў және инновацияларды енгизиў, регион мәмлекетлери медицина мәкемелериниң бул бағдардағы илимий ҳәм билимлендириў потенциалын раўажландырыў ҳәм беккемлеў, стратегиялық режелестириў ҳәм профилактикалық илажларды ислеп шығыў ушын балалар рак кеселлиги менен кеселлениўдиң эпидемиологиялық тенденцияларын таллаў ҳәм прогнозлаўды өз ишине алады.
Орынлардағы балалар емлеўханаларының онкогематология бөлимлерин кеселликти ерте басқышта анықлайтуғын ең заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў нәзерде тутылмақта. Буның менен онкологиялық, гематологиялық ҳәм иммунологиялық кеселликлерге шатылған балалардың профилактикасы, диагностикасы, кеселликлерди ерте анықлаў, емлеў ҳәм күтим системасы жетилистириледи.
Бул қалай әмелге асырылады?
Биринши гезекте, патронаж мийирбийкелер ҳәм шаңарақлық шыпакерлер рак кеселликлерине болжаўды анықлаў ушын сораўнама өткериў, медициналық тексериў өткериў ҳәм дәслепки скринингке тартылыўы есабынан денсаўлықты сақлаўдың басланғыш буўыны жумысы сапалы қайта шөлкемлестириледи. Кейин ала барлық район ҳәм қалада рак ҳәм басқа да кеселликлерди ерте басқышта диагнозлаў имканиятын беретуғын зәрүр үскенелер менен тәмийинленген медициналық лаборатория хызметлерин көрсететуғын орайласқан лабораториялар тармағы раўажландырылады.
Таллаўлар нәтийжесине бола, рак бар екенлиги болжанған балаларды жеделлестирилген ҳалда диагнозлаў ҳәм емлеў системасын ("жасыл" коридор) енгизиў, онда балалар онкологиясы, гематологиясы ҳәм иммунологиясы хызметиниң пүткил вертикалы бойлап наўқасларды бағдарлаў регламентин тастыйықлаў ҳәм оған әмел етиў нәзерде тутылады.
Медициналық мағлыўматларды басқарыў бизнес процесин санластырыў, медицина хызметкерлерин өз жумысында мәлимлеме-коммуникация технологиялары имканиятларын қолланыўға оқытыў, сондай-ақ, жасалма интеллект имканиятларынан кеңнен пайдаланыў есабынан диагностика ҳәм емлеў усыллары жетилистириледи. Алдын наўқасларды диагнозлаў ушын 30 күннен ҳәм 60 күнге шекем ўақыт кеткен болса, жаңа система енгизилиўи себепли наўқаслар машруты 10 күннен 18 күнге шекем қысқартылады. Бул болса ерте басқышта анықлаў имканиятын береди.
Шоҳрух ХЎЖАЕВ,
Балалар онкологиясы, гематологиясы ҳәм
иммунологиясы илимий-әмелий медицина орайы
бас шыпакер орынбасары