Соның ишинде, соңғы жыллары Израиль мәмлекетиниң «MASHAV» агентлиги ҳәм Францияның Les Amis Ouzbekistan шөлкемлери арасында бирге ислесиў жумыслары жедел раўажланбақта. Әсиресе, олардың медицина тараўында алып барып атырған кең көлемли жумысларының нәтийжесинде жолға қойылған жойбарлары өзиниң унамлы нәтийжесин берип атыр.
Усындай жойбарлардың бири Қарақалпақстандағы “Меҳирли инсанлар” қәўендерлик фонды тәрепинен әмелге асырылып, онда Хожели районы Балалар фтизиатрия санаториясында емлеў денетәрбиясы ханасы шөлкемлестирилип, керекли үскенелер менен тәмийинленди.
Жақында усы қордың ўәкиллери санаторияда болып, наўқасларға жаратылған имканиятлар менен танысып, олар менен сәўбетлести. Өз гезегинде санаторияда емлениўшилер ҳәм олардың ата-аналары да бул жаратылған шараятлардан кеўиллери толып, шөлкем басшыларына өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.
– Бүгинги күни санаториямызда 45 бала емленип, оқып ҳәм саўалландырылып атыр, – дейди Хожели районы Балалар фтизиатрия санаториясының бас шыпакери Генжемурат Бабажанов. – Бул жаратылған шараятлар өз гезегинде санаториямызда емленип атырған балалардың тезирек саўалып кетиўине жәрдем береди. Буның ушын Израил мәмлекетиниң «MASHAV» агентлиги ҳәм Францияның Les Amis Ouzbekistan шөлкемлери ҳәм “Меҳирли инсанлар” қәўендерлик фондына үлкен рахмет айтаман.
– Бизлер «MASHAV» агентлиги менен 3 жылдан бери бирге ислесип келмектемиз, – дейди Қарақалпақстандағы “Меҳирли инсанлар” қәўендерлик фонды баслығы Замира Клычева. – Усы жыллар ишинде агентлик пенен биргеликте республикамызда көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылды. Алдағы ўақытлары да бирге ислесиўди даўам ете беремиз.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, санаторияда “Меҳирли инсанлар” қәўендерлик фонды тәрепинен балалардың ойнаў ханасы Францияның Les Amis Ouzbekistan шөлкеми ҳәм Емлеў денетәрбиясы кабинети ҳәм Израиль мәмлекетиниң «MASHAV» агентлиги тәрепинен каржыландырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.