баннер
3 Apr 2025
01:05

    «Балалар үйи» тәрбияланыўшыларына Президентимиз саўғалары тапсырылды

    26 Dekabr 2024 141

    Ҳәр жылы Жаңа жыл байрамы алдынан ертеңги келешегимиз ийеси болған балаларға байрам кейпияты инам етилип, «Президент саўғалары»н тапсырыў дәстүрге айланған.

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районындағы «Балалар үйи»нде тәрбияланып атырған балаларға Президент саўғаларын тапсырды ҳәм жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.

    Шырайлы етип безелген шырша әтирапында шөлкемлестирилген байрам кешесинде кишкенелер тәрепинен таярланған ойынлар мийманлар нәзерине усынылды.

    Балалар ҳәмийше Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығында екенлиги атап өтилип, байрам қарсаңында оларға Президентимиздиң саўғалары тапсырылды.

    Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас «Балалар үйи»нде балаларға жаратлыған имканиятлар менен танысты.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech