Бул дәргайда балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Олардыӊ саламатлығы тәжирийбели медицина хызметкерлери тәрепинен бақлаўға алынып, педагог-устазлар жәрдеминде тәлим-тәрбия берилмекте.
3-декабрь – халықаралық имканияты шекленгенлер күни мүнәсибети менен бүгин бул дәргайда байрам илажы өткерилип, илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Илажда Жоқарғы Кеңес А.Орынбаев балаларды сәне мүнәсибети менен қызғын қутлықлықлап, оларға байрам саўғаларын тапсырды.
Байрам илажы балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.