Балаларға меҳир ҳәм қуўаныш инам еткен байрам

    «1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен «Меҳир ҳәм итибар – ҳәр бир бала ушын» сүрени астында илаж өткерилди.

    Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында балалардың заман талабына сай билим алыўы, саламатлығының беккемлеўи, жетик инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли жумыслар әмелге асырылмақта. Жаратылып атырған бундай шараятлар перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме билимли, кең дүнья танымға ийе инсанлар болып камалға келиўинде беккем тийкар болып хызмет етеди.

    «1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен «Меҳир ҳәм итибар – ҳәр бир бала ушын» сүрени астында Нөкис қаласында жайласқан «Имкан реабилитация орайы» көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм Нөкис қаласы 26-санлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде байрам илажы болып өтти.

    Илажда Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмийетлик хызмет хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы Д.Қутлымуратова қатнасып, тәрбияланыўшыларды байрам менен қутлықлады ҳәм оларға байрам саўғаларын тапсырды.

    Усындай байрам илажлары республикамыз бойлап даўам етпекте.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates