Балаларға Президент саўғалары тапсырылды

    26 желтоқсан 2024 19

    Шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар ҳәм басқа да социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын «Президент саўғасы» Қарақалпақстанға жетип келген еди.

    Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Президент саўғаларын өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырыўға бағышланған байрам илажы болып өтти.

    Илажға шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-ана қарамағынан ерте айырылған, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған үйлердиң балалары мирәт етилди.

    Салтанатлы мәресимге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, балалар менен олардың қәўендерлерин жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм Президентимиздиң байрам саўғаларын тапсырды.

    Байрам кешеси шырайлы етип безелген шырша әтирапында Аяз ата менен Қар қызы, ҳәр қыйлы ертек қаҳарманларының қатнасыўындағы театрластырылған концерт бағдарламасы менен кеўилли кейпиятта даўам етти.

    Соны айтып өтиўимиз керек, 3 жастан 15 жасқа шекемги болған балаларға мөлшерленген «Президент саӯғалары» қурамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң балаларға жоллаған Жаңа жыл байрамы қутлықлаўы, мазалы затлар, китаплар топламы, канцелярия буйымлары, ақыллы саат, самокат, жумсақ ойыншықлар, дидактикалық ойынлар, велосипед ҳәм басқа саўғалар киргизилген болып, байрам қарсаңында саўғалар өз ийелерине жеткерилиўи белгиленген.

    Сондай-ақ, 12 жастан үлкен тәрбияланыўшылардың саўғалары қурамында электр жүргизгишли самокатлар да киргизилген.

    Президент саўғаларын салтанатлы түрде тапсырыў илажлары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында даўам етпекте.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.