Банклердеги аманаттан пул шешип атырғанда усы қаржының дәреги ҳаққында мағлыўмат талап етилмейди - Орайлық банк

    20 ақпан 2025 1315

    Банклердеги аманат есап бетлеринен пул қаржыларын шешиўде оның келип шығыў дәреги ҳаққында мағлыўмат талап етилсе, Орайлық банктиң Банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў хызметине байланысыў соралады.

    Орайлық банктиң мәлим етиўинше, әмелдеги нызамшылыққа тийкарланып физикалық тәреплер өзлерине тийисли аманат есап бетлеринен пул қаржыларын шешип атырғанда бул қаржының келип шығыў дәреги ҳаққында мағлыўмат талап етилмейди.

    Орайлық банк қаржы хызметлерин көрсетиўге байланыслы жүзеге келип атырған машқала ҳәм кемшиликлерди халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатлары және басқа да дәреклер арқалы турақлы түрде үйренип, оларды сапластырыў илажларын көрип барады, - делинеди хабарда.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates