Банклердиң мәлимлеме қәўипсизлигине байланыслы минимал талаплар белгиленди

    19 тамыз 2025 962

    "Өзбекстан Республикасы коммерциялық банклериниң мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликке байланыслы минимал талаплар ҳаққында"ғы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

    Режеге бола, банклер ҳәм олардың филиалларында мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў хызмети шөлкемлестириледи.

    Хызмет банктиң мәлимлеме активлеринде мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў, төлем мағлыўматларының нызамсыз өзгертилиўи, банк ямаса оның клиентине зыян жеткериў жағдайларының алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша жуўапкер есапланады.

    Банк мәлимлеме қәўипсизлигине тийисли ишки сиясатты ислеп шығыўы ҳәм қабыл етиўи керек.

    Буннан тысқары, банклер мағлыўматлар базасы сазламаларында қәтелердиң алдын алыўы ҳәм зыянкестиң төмендеги ҳәрекетлерин шеклеўи керек, соның ишинде:

    мағлыўматлар базасына кириў;

    администратор ҳәм пайдаланыўшылардың пароллерин билип алыў;

    мағлыўматлар базасының система файлларына кириў;

    зыянлы программаларды орнатыў;

    мағлыўматлар базасы ҳәм серверге аралықтан ҳүжим қылыў.

    Тармақлараралық экран қурылмалары ҳәм прокси-серверлердиң электрон протоколлары Хызмет тәрепинен талланып барылады ҳәм сыртқы ҳүжимлер анықланған жағдайда тезлик пенен Орайлық банкке хабар бериледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates