Бул ҳаққында The Wall Street Journal дереклерине сүйенип хабар бермекте. Сөйлесиўшилердиң атап өтиўинше, бундай қәдем Тегеранның сырт ел валютасына ҳәм глобал саўда тармақларына кириўин кескин шеклеўи мүмкин.
Ҳәзирше БАӘ Иран активлерин қашан музлатыўы мүмкин екени белгисиз. Буннан алдын Әмирликлер ҳәкимияты санкциялар системасына әмел ететуғынын ҳәм жәҳән финанс системасының пүтинлигин қорғаўға қатаң бел байлағанын билдирген еди.
Бир неше WSJ дереклериниң анықлаўынша, БАӘ рәсмийлери Иранниң нызамсыз операцияларына шек қойыў илажларын енгизиўди де көрип шықпақта. Олардың арасында АҚШта жайласқан жасырын компаниялардың активлерин музлатыў, сондай-ақ, рәсмий банк каналларынан тысқары пул өткериў ушын пайдаланылатуғын жергиликли валюта биржаларына шеклеўлер бар. Егер БАӘ бундай илажларды енгизиўге қарар етсе, Ислам революциясы сақшылары корпусы менен байланыслы есаплар мақсетке айланады, деп қосымша етти газета сәўбетлеслери.
БАӘ финанслық санкциялардан тысқары Иранның көлеңкели флотына зыян жеткериў мақсетинде Иран кемелерин қолға алыў имканиятын да көрип шықпақта, деп жазбақта kommersant.ru.